БҮГИН ТҮНГИ ОН ЕКИНИ КҮТКЕНЛЕР
Әлле қашшан шәўкилдесип жүреги,
Ақ қағазға дизген, әрман, тилеги,
Ҳақтан қабыл болады деп жүреди,
Бүгин түнги он екини күткенлер.
Әжайып көринип дүнья көзине,
Қаяқтандур күшти таўып өзине,
Барқ урып турады шадлық жүзине,
Бүгин түнде жаңа жылды күткенлер.
Заўқы соқпай онша бүгин тамаққа,
Жылдан- жылға өтетуғын қабатта,
Жалтақ- жалтақ қарай берер саатқа,
Бүгин түнде “жылан жыл”ын күткенлер.
Ўақыттың өткени ҳасла билинбей,
Таң атқанша кирпиги бир илинбей,
Сеңдей соқлығысып жүрер сүринбей,
Бүгин түнде жап жаңа- жыл күткенлер.
Алыс- жақынына қоңыраў шалып,
Умытпай көңилин қояды алып,
Бул күн мөрленеди тарийхта қалып,
Бүгин түнде он екини күткенлер.
Кимге жақын, кимге алыс иргемиз,
Ким қайда болсақта руўҳый биргемиз,
“Суў көтермей турмасын тек сиркемиз”,
Ертеңги күн, таза жылды күткенлер.
Ақшолпан Аманияз 31.12.2024 жыл
Әлле қашшан шәўкилдесип жүреги,
Ақ қағазға дизген, әрман, тилеги,
Ҳақтан қабыл болады деп жүреди,
Бүгин түнги он екини күткенлер.
Әжайып көринип дүнья көзине,
Қаяқтандур күшти таўып өзине,
Барқ урып турады шадлық жүзине,
Бүгин түнде жаңа жылды күткенлер.
Заўқы соқпай онша бүгин тамаққа,
Жылдан- жылға өтетуғын қабатта,
Жалтақ- жалтақ қарай берер саатқа,
Бүгин түнде “жылан жыл”ын күткенлер.
Ўақыттың өткени ҳасла билинбей,
Таң атқанша кирпиги бир илинбей,
Сеңдей соқлығысып жүрер сүринбей,
Бүгин түнде жап жаңа- жыл күткенлер.
Алыс- жақынына қоңыраў шалып,
Умытпай көңилин қояды алып,
Бул күн мөрленеди тарийхта қалып,
Бүгин түнде он екини күткенлер.
Кимге жақын, кимге алыс иргемиз,
Ким қайда болсақта руўҳый биргемиз,
“Суў көтермей турмасын тек сиркемиз”,
Ертеңги күн, таза жылды күткенлер.
Ақшолпан Аманияз 31.12.2024 жыл