↪️Жүрегиңниң қоңыраўын
Сениң жүрегиңниң қоңыраўын,
Шыңлық пенен қақсам деймен.
Арман болып жетпей жүрмей,
Шын сөзимнен тапсаң деймен.
Самал желдей сылдыр қағып,
Саған ҳақыйқатын айтсам.
Ай менен күн гүўа болып,
Жүрек қоңыраўын қақсам.
Сазлы сес пенен сезим шертип,
Тыңлап көрши, жаным, буны.
Шыңлық сырын жеткизейин,
Соғар сәтте жүрек үни.
Егер көзиң исенсе маған,
Жүрек сөзин тыңла, жаным.
Қоңыраўың үнсиз қалмай,
Шыңлық пенен соғылса бүгин.
Айтшы, жаным, сол үнди,
Сездиң бе сен жүрегиң менен?
Мениң үнсиз муңымды,
Тербетши сен бир лебиң менен.
Нөкис қаласы
15.09.2023
Мираддин Мириад
@miraddinmiriad
#️⃣#miriad - усы хештег арқалы тек қосықларға тез отиўиңиз мүмкин.
🧠Бул қосық сүйикли адамы менен шын жүректен байланыс орнатыўға умтылыўды сүўретлейди. Лирикалық қаҳарман ҳақыйқатлық пенен "жүрек қоңыраўын урғысы" келеди, яғный өз сезимлерин жасырмай ҳәм өтириксиз билдириўди қәлейди. Ол өзиниң даўысы тыңланып, сезимлери жуўап табыўына үмит етеди. Қосықта муҳаббаттың пәклиги, өз-ара сүйиспеншилик ҳәм жанлар үнлеслигине болған үмит сәўлеленген.
🔗 https://t.me/miraddinmiriad/667