Бөдене мәйеги кекселер ушын ең пайдалы өним
Бөдене мәйеги жасы үлкен адамлар ушын пайдалы есапланады, себеби қурамында Б топары витаминлери, соның ишинде Б12 бар. Көбинесе оның жетиспеўшилиги анемияға себеп болады.
Бөдене мәйеги аңсат сиңетуғын белок ҳәм Д витамининиң жақсы дереги болып, соның ушын да бул өним асқазан-ишек системасында тез-тез машқалаларға дус келетуғын кексе адамлар ушын жүдә пайдалы. Д витамини болса кальцийдиң денеден шығып кетиўиниң алдын алады.
Мәйек тек ғана сүйеклерди беккемлеп қоймастан, селен себепли қалқан тәризли бездиң ислеўин де қоллап-қуўатлайды.
👉 @Karakalpak24