❗️Картошка баҳасы неге қымбатлады? Аўыл хожалығы министрлиги түсиник берди
Министрлик буны қайта егилген майданлардан жетерли өним алынбағаны, суў салықлары ҳәм ҚҚС бойынша жеңилликлердиң бийкар етилиўи ҳәм басқа да қәрежетлердиң артқаны менен түсиндирди.
Баҳаларды төменлетиў ушын 2025-жылы 122 мың гектар майданда картошка егиў режелестирилген. Министрлик февраль-март айларында баҳалардың турақласыўын, апрель-май айларында болса оның төменлеўин күтпекте.
Быйыл картошка жетистириўди раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы қорынан 400 миллиард сум ажыратылады. Сырт елден алып келинетуғын туқымлық картошка үш жылға бажыхана бажысынан азат етиледи. 2027-жылдан картошкаға талап толық ишки имканият есабынан қапланыўы режелестирилмекте.
👉 @Karakalpak24