❓Жаңа жылдан баслап Қарақалпақстанда салық сиясаты қандай болады?
Бириншиден, келеси жылда пайда салығының базалық ставкасы 15%, физикалық шахслардан алынатуғын дарамат салығы 12%, социаллық салық 12%, ҚҚС 12%, юридикалық шахслардың мал-мүлкине салынатуғын салық ставкасы 1,5% муғдарында сақланып қалынады.
Екиншиден, 2025-жыл 1-январьдан баслап, мобиль байланыс операторлары ушын
10% акциз салығы бийкар етилмекте. Тәбиий газден пайдаланыў ушын акциз салығы ставкасы 20%тен 12%ке түсирилип, жергиликли ҳәм импорт қылынатуғын тәбиий газ ушын бирдей түрде белгиленди.
Үшиншиден, 2025-жыл
1-январьдан темекилер ушын акциз салығы ставкасының адвалор бөлеги бийкар етилмекте ҳәм жергиликли өнимниң мың данасына 300 мың сом (әмелде 251 мың сом), импорт ушын болса 330 мың сом (әмелде 320 мың сом) етип белгиленбекте.
Импорт қылынатуғын ҳәм жергиликли спирт ушын акциз салығын теңлестирилип, 1л ушын 15 мың сом етип белгиленди. 2025-жыл 1-январьдан арақ, коньяк ҳәм қурамында спирт көлеми жоқары болған басқа алкоголь жергиликли ҳәм импорт өнимлерине акциз салықлары ортасындағы парық 1,7 есеге шекем қысқартырылады.
Төртиншиден, 2025-жыл 1-январьдан экономиканың барлық тармақлары, соннан санаат, хызметлер, қурылыс тараўлары ушын суў салығы ставкасы теңлестирилип 1 м.куб жер үсти суў ушын 700 сом, жер асты суў ушын 850 сом етип белгиленбекте. Автомобильлерди жуўыўда пайдаланылатуғын жер асты суўдың 1 куб.м ушын суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық ставкасын 15 мың сом етип белгиленбекте.
Бесиншиден, 2025-жыл 1-январьдан жеке тәртиптеги исбилерменлердиң қатаң белгиленген (патент) муғдарлардағы салық ставкалары жумыс түри ҳәм жайласқан аймағына қарап ең кем ҳәм ең жоқары ставкалары (265 мың сомнан 800 мың сомға шекем диапазонда) белгиленбекте. Жеке тәртиптеги исбилерменлердиң өзлери жаллаған исшилери ушын физикалық шахслардан алынатуғын 12% муғдарындағы дарамат салығы ямаса өзлери ушын белгиленген салық ставкасының 50% муғдарында қатаң дарамат (патент) салығын төлеў (ықтыярый түрде) ҳуқуқы берилмекте.
2025-жыл 1-январьдан баслап айланбадан алынатуғын салықтың қатаң ставкаларын товар айланбасы жылына 500 млн сомға шекем болған исбилерменлер ушын 30 млн сом (әмелде 25 млн сом), товар айланбасы 500 млн сомнан 1 млрд сомға шекем болған исбилерменлер ушын 40 млн сом (әмелде 34 млн сом) муғдарында белгиленбекте. 1-январьдан мал-мүлк ҳәм жер салықлары, 2025-жыл 1-апрельден болса нефть өнимлери (бензин, дизель, авиакеросин, мотор майы) ушын әмелдеги акциз ставкалары 10%ке индексация қылынбақта.
Районлар (қала) жергиликли Кеңеслерине суў салығы ставкасына 0,7 ге шекем кемейтириўши ҳәм 1,5 ке шекем асырыўшы коэффициент қоллаў ҳуқуқлары берилмекте. Рудалы емес қурылыс материаллары ушын (цементтен тысқары) белгиленген қатаң ставкасын 1,3 есеге шекем асырыўшы коэффициент қоллаў ҳуқуқлары берилмекте.
Бул ҳаққында Министрлер Кеңеси баслығының финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Нуруллан Ерлепесов мәлим етти. Сондай-ақ, Нуруллан Ерлепесов 2024-жылда да тараўда талай өсиў көзге тасланғанын, келеси жылдан да үлкен күтимлер болып атырғанын қосымша етип билдирди.
😎 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!