Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
БҮГИН ЕЛИМИЗДЕ БАЙРАМ! ТАРИЙХЫЙ КҮН!
24-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни қабыл етилгенине 31 жыл толды!
1993-жылы 24-декабрде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он төртинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ
Сөзи: И.Юсупов
Намасы: Н.Муҳаммеддинов
Жайҳун жағасында өскен байтерек,
Түби бир шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик, мийнет, билим жеткизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм меҳрибан,
Еркин жайнап-жасна, мәңги бол аман.
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм