Басқа жағын айтпағанда.
Бизлер бунша сада медик,
Байытады пахта дедик,
Суўсыз қалып, дузды жедик,
Басқа жағын айтпағанда.
Кредит алып қарызланды,
Сүтқор алды пайызларды,
Жағдайымыз сайызланды,
Басқа жағын айтпағанда.
Газ, суў, тоққа лимит қойды,
Еселеп алып кимлер тойды?
Айлықшының басын ойды,
Басқа жағын айтпағанда.
Раўажланып атырмыз көп,
Үнемленди қәдирли тоқ,
Лампамыз бар, жақтылық жоқ,
Басқа жағын айтпағанда.
Быйыл қыс та қатаң болды,
Бензин көкте бахаң болды,
Таксист дәрти метан болды,
Басқа жағын айтпағанда.
Мульти радар қайдан келди?
Ийеледи барлық жерди,
Жәриймасын молдан берди,
Басқа жағын айтпағанда.
Камералар бақлап турды,
Исбилермен көплеп қурды,
Ҳуқық бузса селфи урды,
Басқа жағын айтпағанда.
Елим тыныш шүкир дейик,
Көз тиймесин түпир дейик,
Ноқат емес үтир дейик,
Тәўбеге мен қайтарманаў,
Тек мақтанып айтарманаў.
Бизлер бунша сада медик,
Байытады пахта дедик,
Суўсыз қалып, дузды жедик,
Басқа жағын айтпағанда.
Кредит алып қарызланды,
Сүтқор алды пайызларды,
Жағдайымыз сайызланды,
Басқа жағын айтпағанда.
Газ, суў, тоққа лимит қойды,
Еселеп алып кимлер тойды?
Айлықшының басын ойды,
Басқа жағын айтпағанда.
Раўажланып атырмыз көп,
Үнемленди қәдирли тоқ,
Лампамыз бар, жақтылық жоқ,
Басқа жағын айтпағанда.
Быйыл қыс та қатаң болды,
Бензин көкте бахаң болды,
Таксист дәрти метан болды,
Басқа жағын айтпағанда.
Мульти радар қайдан келди?
Ийеледи барлық жерди,
Жәриймасын молдан берди,
Басқа жағын айтпағанда.
Камералар бақлап турды,
Исбилермен көплеп қурды,
Ҳуқық бузса селфи урды,
Басқа жағын айтпағанда.
Елим тыныш шүкир дейик,
Көз тиймесин түпир дейик,
Ноқат емес үтир дейик,
Тәўбеге мен қайтарманаў,
Тек мақтанып айтарманаў.