#Архив_дереклеринен
📜Герман Вамбериниң Шорахан қаласына барғаны ҳаққында.
📜1863-жылы Шорахан қаласына атақлы венгер алымы Герман Вамбери келеди. Ол Шорахан қаласы ҳаққында өзиниң бақлаўларын жазып қалдырған. Онда қаланың беккем қорған дийўаллар менен қоршалғанлығын, қала ишинде турақ жайлар менен бирге 320 дан аслам дүканлардың жайласқанлығын, қала дөгерегинде бағлар болғанлығын жазады.
Оның жазыўына қарағанда қаладағы дүканлар ҳәптесине еки күн ашылған ҳәм олар отырықшы халық пенен бирге шарўаларға хызмет көрсеткен. Г.Вамбери қасындағы жолдасларын базарды аралаўға жиберип, өзи қала дәрўазасы алдында жайласқан қәлендерханаға барған. Ол жерде Вамбериди жүдә жыллы жүзлилик пенен қабыл етип, оны нан, шай, мийўелер менен сыйлаған. Ислеген хызметлерине ҳақы төлемекши болған Вамбериге қәлендерханашылар ҳайран қалып, бул жерде жигирма жылдан бери қолларына пул услап көрмегенин айтып күлискен. Соннан кейин ғана Вамбери қәлендерханаға күн бойы келетуғын дәрўишлер менен жолаўшылардан ҳақы алынбайтуғынлығын ҳәм олар усы аймақ халқы есабынан сақланатуғынлығын түсингенин жазған.
Солай етип, Г.Вамбери қәлендерханадан шығып, жолдасларын излеп базарға барады. Базарда базаршылардың көплиги соншелли, олардың арасынан өтиў мүшкил болғанлығын жазып қалдырады...
Тарийхшы-археолог, профессор, Өзбекстан Қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязов,
“Шорахан қаласының әййемги ҳәм орта әсирлердеги тарийхынан”.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архив фонды.
https://t.me/QRARXIV