Нөкистен сырт елдиң бир қатар қалаларына халықаралық автобус қатнаўлары жолға қойылады
Халықаралық тасыўларда автобус қатнаўларының үлесин асырыў, жолаўшы тасыў искерлигин еледе раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен елимиздиң түрли аймақларынан бир қатар халықаралық жөнелислерде автобус қатнаўларын шөлкемлестириледи.
Солар қатарында пайтахтымыз Нөкис қаласын Россияның Москва, Уфа, Краснодар қалалары ҳәмде Қытайдың Урумчи қаласы менен автобус қатнаўлары арқалы байланыстырыў режелестирилген.
Бул автобус қатнаўларының жөнелислери төмендегише:
Сурхандәрья – Бухара – Үргениш – Нөкис – Москва
Үргениш – Нөкис – Уфа
Нөкис – Краснодар
Нөкис – Үргениш – Бухара – Урумчи
Автобус жөнелислериниң жолға қойылыўы өз гезегинде, Қарақалпақстанда туризм тараўының раўажланыўына да үлкен үлесин қосады.
👉 t.me/turizm_kr
Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube