Ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлықлар менен жынаятшылықтың алдын-алыў, пуқараларды нызамшылықтағы өзгерислер менен таныстырып барыўда профилактикалық үгит-нәсият жумысларының әҳмийетли орын тутады. Әсиресе, бул бағдарда ғалаба хабар қуралларының тутқан орны гиреўли.
Каналға ағза болыў: https://t.me/tinishliq_saqshisi
Нөкис қаласы бойынша ИИО ЖМБ ҲПБ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, подполковник А. Наменова ҚР Телерадио каналы мәмлекетлик мекемеси менен биргеликте қаламыз аймағында ҳаял-қызлар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын-алыўда алып барылып атырған жумыслар барысы, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны ҳәм соның менен бирге нызамшылықтағы өзгерислер, жаңадан қабыл етилген нызамлардың мазмун мәниси бойынша радио баслаўшылары менен сәўбетлесиўлер алып бармақта ҳәм туўрыдан туўры еситтириўлерде пуқаралар тәрепинен берилген сораўлар ға жуўаплар берилмекте.
Каналға ағза болыў: https://t.me/tinishliq_saqshisi