#ғәзийне
📜 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары
Атызлы жерде ат өлмейди,
Үйирли жерде ер өлмейди.
Бармақлар басқа болса да, билек бир,
Ара алыс болса да, тилек бир.
Аўыз биришилик байлықтың нышаны .
Өзим билемен деген басқа ойран салар.
Көп биледи деген баққа қорған салар.
Қалың журтты жаманлама,
Халық табады миниңди.
Еки ушлы сөз айтсаң,
Қызартады жүзиңди.
Көптей тентек болсаң да,
Көпке тентек болма.
Шәрияттың шарымы көп.
Бирлик етсең барымы көп.
Паданың аўзы бир болса,
Бөриге алдырмас.
Бармағың бирикпесе,
Ийнеде илинбейди.
Биреў болса ес,
Екеў болса жолдас.
Бирдиң кесапаты мыңға тийеди.
Бир қумалақ бир қарын майды ширитеди.
Бир ели аўызға еки ели қақпақ керек.
Байлық – байлық емес,
Бирлик байлық.
📖
https://t.me/shimbaykonshi11MPJ
📜 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары
Атызлы жерде ат өлмейди,
Үйирли жерде ер өлмейди.
Бармақлар басқа болса да, билек бир,
Ара алыс болса да, тилек бир.
Аўыз биришилик байлықтың нышаны .
Өзим билемен деген басқа ойран салар.
Көп биледи деген баққа қорған салар.
Қалың журтты жаманлама,
Халық табады миниңди.
Еки ушлы сөз айтсаң,
Қызартады жүзиңди.
Көптей тентек болсаң да,
Көпке тентек болма.
Шәрияттың шарымы көп.
Бирлик етсең барымы көп.
Паданың аўзы бир болса,
Бөриге алдырмас.
Бармағың бирикпесе,
Ийнеде илинбейди.
Биреў болса ес,
Екеў болса жолдас.
Бирдиң кесапаты мыңға тийеди.
Бир қумалақ бир қарын майды ширитеди.
Бир ели аўызға еки ели қақпақ керек.
Байлық – байлық емес,
Бирлик байлық.
📖
https://t.me/shimbaykonshi11MPJ