“Шаңарақ” орайы


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Семья и дети


“Шаңарақ” орайының мақсети - ҳәр бир шаңарақтын беккем, бахытлы болыўына салмақлы үлес қосыў💞
Бул жолда биз жәрдемге ҳәмийше таярмыз🤝
Мәнзил:Нѳкис қаласы, А́.Шамуратов кѳшеси 117Б жай
Байланыс ушын:📞 (91) 393-13-14

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Семья и дети
Статистика
Фильтр публикаций


#Қутлықлау

"Шаңарақ" орайы Сизди хәм Сиз арқалы бәрше шаңарақ ағзаларыңызды "Наўрыз жаңаланыў-жасарыў байрамы" менен шын кеўилден қутлықлайды.

Елимиз тыныш, аспанымыз ашық, суўымыз мол болғай. Хәр бир шаңарақта бахыт, татыўлық, хәр бир кеўилде қәтержамлық болғай.

Хәр күнимиз Наўрыз болғай.

Хүрмет пенен,
"Шаңарақ" орайы жәмәәти


💖Бахытлы болыў ушын

🪽 қолларыңызды – ис пенен,
❤️қәлбиңизди - мухаббат пенен,
📈санаңызды - мақсет пенен,
📚ақылыңызды - пайдалы билимлер менен,
🤍 келешекти- үмит пенен толдырың!

©️Жалалиддин Румий

@shanaraq_orayi💞


🥰

Өзиңизди бахытсыз сезинип, «Мен бахытсызбан» деп айтыўыңызға бир-еки себебиңиз болған ўақытта, «БАХЫТЛЫМАН» деп айтыў ушын шексиз себеплериңиз барлығын еске алың

@shanaraq_orayi💖


@shanaraq_orayi👩‍❤️‍👨

Еркек азанда усы маскалардың қайсы бирин тағыуы көпшилик жағдайда хаялына байланыслы😊👸🏻

🧚🏻‍♀


Репост из: Yulduzxon ✨
@shanaraq_orayi❤️

Машқала яки сынаулар жоқ болатуғын өмирди хеш қашан күтпең.

Себеби өмир аңсатласпайды, тек Сиз күшейип барыуыңыз мүмкин☝️

#Пикир_қылың🔆


💖

Бахыт не?

Бахыт – кимге не жетпесе бахты сол затта!

Камбағал – байлықты, кесел адам – саламатлықты бахыт дейди, бийперзент – перзент көрсе бахытлы болады.

Бахыт түсиниги өзгериўши. Сол ушын бахытты излеўге көп урынбаң!

Ең жақсы жолы мақсетлериңиз үстинде ислең, сонда бахыт өз аяғы менен келеди

@shanaraq_orayi⚜️


💫

Инсан бахытлы яки бахытсыз болыуына тек оның қыяллары себепши болады, сыртқы орталығы емес. Инсан өз қыялларын басқарса, өз бахтында басқарған болады.

©Фридрих Ницше (немиц философы)

@shanaraq_orayi💞


❤️

#БАХЫТтың ертеңги күни жоқ, оның кешеги күниде жоқ, ол өтмишти еслемейди. Оның тек бүгини бар, олда болса тек хәзирги дем.

©Иван Тургенов (рус жазыушысы)

@shanaraq_orayi💖




Жасаў тәризиңиз өзгермес екен, өмириңиз өзгермейди!


👣Бул дегени үлкен өзгерислерден баслаўыңыз керек дегени емес, кишкене қәдемлерден баслаң.

🧗🏻‍♀️8:00 де туратуғын болсаңыз, енди 7:30 да турып, 10 мәрте отырып-турыў шынығыўын қылың

📚китап оқысаңыз уйқы басатуғынлардың қатарынан болсаңыз, жақсы бир китаптың аудио жазыўын ҳәр күни 10 минут тыңлап баслаң

🌐Социаллық тармақларға кирсеңиз саатлап отырып қалатуғын әдетлериңиз болса, телефоныңыз сазламасы арқалы тармақлардың ўақтын шеклеп қойың

✍🏻Және нелер қыла аласыз жазып шығың.
Әлбетте, бул ислерди қылыўыңыздан гөзлеген мақсетиңизди де жазыўды умытпаң

@shanaraq_orayi👍


🤵🏻‍♂

Еркек адам барлық уақытта өзи менен гүресип жасайды:

😴 денеси уйқлауды қәлейди
💰басы қалай пул табыуды ойлайды
💖 жүреги шаңарағы менен бирге көп уақыт өткериуди қәлейди

@shanaraq_orayi🍃


💝

Сулыў ҳаялды ҳәмме жақсы көриўи мүмкин, бирақ бир ҳаялды сулыў тәризде жақсы көре алыў ҳәмме еркектиң де қолынан келе бермейди.

@shanaraq_orayi❤️‍🔥


🥰👍💯

😴Бир саат бахытлы болыўды қәлесең – уйқла
😊Бир күн бахытлы болыўды қәлесең – дем ал
💍Бир ай бахытлы болыўды қәлесең – үйлен
💸Бир жыл бахытлы болыўды қәлесең – бай бол
📊Бир өмир бахытлы болыўды қәлесең – ислеп атырған жумысыңды жақсы көр

@shanaraq_orayi💞


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


💞

Ҳаял ең биринши өзиниң ең жақын досты болыўы лазым. Сонда өмири жәнеде жеңиллеседи.

© Виктор Гюго (француз жазыушысы)

@shanaraq_orayi🌐


https://www.youtube.com/playlist?list=PLJ3n2vhwKJw-S8jm4SCF-iDnEsALTQM0d
SHAŃARAQ
SHAŃARAQ FUNKCIYALARÍ 1. Shańaraqtıń reproduktiv funkciyası 2. Shańaraqtıń ekonomikalıq funkciyası 3. Shańaraqtıń tárbiyalıq funkciyası 4. Shańaraqtın kommun...


Семинар-тренинг қайсы темада болып өтиуин қәлер едиңиз?
Опрос
  •   Ерли-зайып мүнәсибетлери
  •   Жеке рауажланыу
  •   Перзент тәрбиясы
6 голосов


Офлайн семинар-тренингге қатнасыуды қәлейсиз бе?
Опрос
  •   Ауа
  •   Яқ
16 голосов


ДҮНЬЯНЫҢ ЕҢ САПАЛЫЛАРЫ:
 
🔥Оттың алдында өзгермеген алтын,
👸🏻Алтынның алдында өзгермеген ҳаял,
🤴🏻Ҳаялдың алдында өзгермеген еркек.

@shanaraq_orayi💎


📊

Сиз жоқарды көрсетилгенлерди қаншелли өз пайдаңыз ушын қадағалап,әмелге асырып атырсыз ?

Биз көбинесе негизи қадағалаўға алыўымыз керек болған, бизди былтырдан быйыл жақсы болып раўажланыўымызға жәрдем беретуғын затларды қадағалаўдан көре, өмирлик жолдасымызды, перзентлеримизди, бизге тийисли болмағанлардың өмирин көбирек бақлап барамыз...

Бүгиннен бар итибарды, қадағалаўды өзимизге қаратыўымыз керек, сонда биз өзимиз күткен нәтийжеге ерисемиз.👍

@shanaraq_orayi📈

Показано 20 последних публикаций.