Жумыссызлық пенсиясы муғдары қанша?
Нызамшылыққа бола, жумыссызлық пенсиясы 12 айлық дәўир ишинде көби менен 26 ҳәпте даўамында төленеди.
Жумыссызлық пенсиясы муғдары төмендегише:
— жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан (мийнет дәраматынан) соңғы 12 айлық дәўир ишинде айрылған шахсларға – алдыңғы жумыс орнындағы орташа айлық мийнет ҳақының 50 проценти муғдарында, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары (БЕЕКМ – 920 мың сум)нан аз болмаған муғдарда;
— жумыстан ҳәм мийнет ҳақыдан (мийнет дәраматынан) айрылған ҳәм узақ (1 жылдан артық) тәнепистен кейин жумыс ислеў қайтадан баслаўға ҳәрекет етип атырған шахсларға – БЕЕКМниң 1 есеси муғдарында;
— бурын ислемеген, биринши мәрте жумыс излеп атырған шахсларға – БЕЕКМниң кеминде 75 проценти муғдарында белгиленген еди.
➡️ @Karakalpakstan_Uz