Erkin pikir


Гео и язык канала: Узбекистан, Казахский
Категория: Telegram


Óz bilimlerimdi hám jeke pikirlerimdi jazıp baraman.
Múrajat ushın: @Mirzamuratoff

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Казахский
Категория
Telegram
Статистика
Фильтр публикаций


Егер ериншеклик жынаят болса ҳәм ериншеклик қылған адамларға мәмлекет тәрепинен жаза қолланылатуғын болса мени бир өмирге түрмеге қамап тастайтн шығар.

https://t.me/Pikirerkin


Адамларға исенбей жасаў қыйын. Бирақ исенип жасаў оннан да қыйын екен.

https://t.me/Pikirerkin


Жалғызлық - бул өз үстиңде индивидуал шуғулланыўың ушын әжайып имканият.

https://t.me/Pikirerkin


Досларың көп болғаны, олар менен бирге жүрип ўақ-шақ болып ўақыт өткизиў жақсы әлбетте. Бирақ өмириме нәзер тасласам әҳмийетли ҳәм дурыс қарарларды қабыл еткен ўақытымда, өз үстимде регулярно тоқтамасдан ислеп нормальный резултатлар көрсеткен моментлерде мен ҳәр дайым жалғыз болғанман. Мениң күшли тәрепим жалғызлықта ҳеш нәрсеге шалғымастан өз үстимде ислей алыўымда деп ойлайман. Субъектив тәжирийбемнен келип шығып соны айта аламан, "көп досларың болғаны жақсы, бирақ қандайда бир результатларға тек ғана жалғызлықта тынымсыз ҳәрекетлердиң арқасында ерисесең".

https://t.me/Pikirerkin


Узақ мүддетке асқазанды аўқатқа заправка қылыўдың иләжи болғанда еди! Ондай болатуғын болса менимше студентлердиң бәри алтыншы, қала күнлери аўылға қайтып бир ҳәптелик аўқатларды жеп келсе керек. Например мениң өзим солай ислер едим. Нөкиске квартираға келип продуктаға ақша жыйнаў, очередь пенен базарлық қылып қайтыў, күнде очередь пенен аўқат писириў, посудаларды жуўыў деген бас аўырыўлар болмас еди. (Итибар бермейсизлер, итибар берсеңизлерам вообще пох..й. Кароче булардың ҳәммеси 4 жыл студентлик өмирден безген студенттиң ишки сезимлери)

https://t.me/Pikirerkin


Темеки өнимлерин ислеп шығаратуғын компаныялардың маркетинги жүдә зор.

Шегиў денсаўлыққа зыян. Шегиўди ҳеш кимге пропаганда қылмайман, өзимам шекпеймен. Сигарет қағазында жазып қойылған "шегиў инсанды өлтиреди" сыяқлы жазыўлар шегиўши инсанларды ҳеш қорқытпайды. Себеби сигара компаниялар жүдә эффектив маркетинг усылларын қолланады. Дерлик барлық киноларда, клиплерде, әдебий кытапларда бас қаҳраманлар шегеди. Қәдди қәўмети келискен, красавчик, өзине уверенный персонажларды көрген көпшилик өспирим жастағы ер баллардың санасында надурыс образ пайда болады. Сигара менен джентлменликтиң ортасында себеп-нәтийжели байланыс бар деп ойлайды. Негизинде сол кино-фильмлердеги, клиплердеги главный персонажлар өз үстинде регулярно ислейтуғын, диета сақлайтуғын, спорт пенен актив шуғулланатуғын адамлар. Олар тек сёмка майданында ғана "жақсы" маркетинг ушын шегеди ҳәм бир кадрда шеккен сигарасы ушын бир неше мыңлаған долларларды алады. Ол шеккен сигарасы да көпшилик жағдайда ҳақыйқый емес сигаралар болады. Сигара компаниялары актёрларға, спортсменлерге, танықлы инфлюнсерлерге ақша тигеди ҳәм бул тиккен ақшасы еки есе болып өзин ақлайды. Тек сигара компаниялары емес алкоголь компаниялары да дәл солай жол тутады(Ванн Дамның кафеде өткир шарап ишип сол жердеги онлаған еркеклерди қыйратып таслаған эпизодын еслең).

https://t.me/Pikirerkin


Палаў жедим, жедим палаў,
Парқы барма? Барма парқы?
Иш писти жора, писти ишим,
Жазғым келди,келди жазғым.
Мәни излемеңлер улыўма,
Мәни жоқ бул дүньяда.

https://t.me/Pikirerkin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
https://t.me/Pikirerkin




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Инстаграм историясына усындай видеоларды қоятуғын балларға ху..ет етемен. Өзиниң характери менен, тил байлығы менен, ҳақыйқый еркеклик сыпатлары менен қызларды өзине қарата алмайды, сындыра алмайды. Усындай видеолар менен өзлерин жубатады, мөмин-мусылман режимин жағады. Ойламаяққойың бундай баллар диндар, ийманлы деп. Олар просто тормоз далбанлар.

https://t.me/Pikirerkin


Егер сениң социал тармақлардағы досларың доху..я болып реал өмирде тек бир ғана жақын достың болса соғанам шүкир етебер, басқаларда сол биреўида жоқ.

https://t.me/Pikirerkin


Любой талантты далбое.&.вский менталитет ҳәм "журт не дейди?" деген еба.$.нутый стереотип өлтирип тастайды.

https://t.me/Pikirerkin


Конечно. Студентлерам адамба?

https://t.me/Pikirerkin


Өмир ҳәм өлим мәселелери бул мени ҳәр дайым ойландыратуғын, қызықтыратуғын философиялық мәселелелердиң бири болып қалабереди. Өлемен дегенимше.

https://t.me/Pikirerkin


Инсан өлгеннен кейин оның мийи 7 минут ислеп турар екен. Сол 7 минут даўамында мий сизге өмириңиз даўамындағы ең бахытлы моментлерди ғана еслетер екен. Расы мен бул мағлыўматты оқып жылағым келди негедур. Мий бизди ҳәтиржем бул дүньяны тәрк етсин деп тынышландырып атырғандай. Енди сизге сораў: көз алдыңызға келтириң, сиз тап ҳәзир жан тәслим қылдыңыз. Мий сизди тынышландыратуғын 7 минуттың ишинде нелерди сизге еслетер еди?

https://t.me/Pikirerkin


Ең жарқын жулдызлар ең қараңғы түнде көрингени сыяқлы ең жақын инсанларың ең қыйын ситуацияға түскениңде белгили болады.

https://t.me/Pikirerkin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Сен қаншелли өзиңди ақыллыман деп ойласаң сен соншелли ахмақсаң.

https://t.me/Pikirerkin


Көп сөйлеўди жақтырмайтуғын адамларды унатаман. Олар үлкен мәселени еки аўыз сөз бенен-ақ чёткий, конкретно түсиндирип қояды. Көп сөйлеп сениң да, өзиниң да ўақытын босқа кетирмейди.

https://t.me/Pikirerkin


Мен ушын қай жерде жасаў әҳмийетсиз. Қандай үйде жасаў әҳмийетсиз. Ким менен жасаў, мине мен ушын ең әҳмийетлиси усы.

https://t.me/Pikirerkin

Показано 20 последних публикаций.