#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Нызам (ӨРН-1035-санлы, 20.02.2025-ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине бала ҳуқықлары қорғалыўын және де беккемлеўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.
Нызам менен "Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында"ғы нызамға киргизилген қосымшаға көре, ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар өз баласын жеке исенимлерине муўапық диний ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаў ҳуқықына ийе екенлиги, олар тәрепинен өз баласын нызамға қайшы түрде диний билим алыўға тартыўға, яғный баланы дизимнен өткерилмеген ямаса лицензияға ийе болмаған шөлкемлерге ямаса арнаўлы диний мағлыўматқа ийе болмаған ҳәм диний шөлкемлердиң Өзбекстан бойынша орайлық басқарыў уйымының рухсатысыз диний билимлендириўди әмелге асырып атырған шахсларға диний билим алыў ушын тапсырыўға жол қойылмайтуғынлығы белгиленди.
✅ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаға көре, ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар тәрепинен өз баласын нызамға қайшы түрде диний билим алыўға тартыў БЕМның 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.
Сондай-ақ, усы ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайта әмелге асырылса БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға ямаса 15 суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болыўы белгиленди.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
https://t.me/maman_advokat
Перзентин нызамсыз диний билим алыўға тартқанлық ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди