🚌 Нөкиске Қытайдан жаңа 12 автобус алып келинди
Нөкис қаласына дерлик 11 млрд сомлық қаржы есабынан лизинг тийкарында 12 дана заманагөй автобуслар Қытай мәмлекетинен алып келинип, пайдаланыўға тапсырылды.
Айтып өтиў орынлы, Президент қарары менен «Брутто-шәртнамасы, яғный, «басып өтилген жол» ҳәм «сапа» өлшеми тийкарында жолаўшы тасыў хызметин шөлкемлестириў белгиленген еди. Усы тийкарда, Нөкиске жәми 15 автобус жөнелислери шөлкемлестирилип, бул жөнелислерге 188 автобус алып келиў режелестирилген.
Кешеден пайдаланыўға тапсырылған жаңа автобуслар усы бағдардағы жаңа жөнелислердиң дәслепкиси есапланады.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар