«Сәршемби күни таңда саат 8:00 де Ташкент ҳаўасында
РМ2,5 қурамы 67,5 мкг/м3 ди қурады, бул
Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми белгилеп берген нормалардан 18,7 есе жоқары» деп
хабар береди @gazetauz.
Егер сиз Googleдан PM2.5 бизиң организмимизге қандай тәсир көрсететуғынлығын излеп көрсеңиз, затларыңызды жыйнастырып, Ташкенттен тап ҳәзир кетип қалғыңыз келеди. Ҳәзиллесип атырған жоқпан. Ири қалалардың турғынларында сынап көрилген бир қанша изертлеўлер бар. Олар Жәҳан ден саўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен мақулланған мәмлекетлердиң сайтларында орын алған.
Мәселен, Гонконг қаласы турғынларында қандай
изертлеўлер өткерилген? 3 жыл даўамында 66 мың адам тексерип көрилген. PM2.5 тың жол қойылған муғдарынан асып кетиўи
рак пенен кеселлениў қәўпин 22% ке асырады екен. Аўқат сиңириў процесси рак кеселлигинен жүз беретуғын өлимшиликти 42% ға, көкирек бези ракинен 80% ға, өкпе ракинен өлимшиликти 36% ға шекем барады екен. Оның үстине аденокарценоманың раўажланыўы, иммунологиялық системаның ыдыраўы, қайтарып болмайтуғын генетикалық өзгерислер жүз береди.
Қытай илимпазлары 2023-жылы қызық изертлеў алып барған. Олар өкпе раки клеткаларын 24 саат даўамында PM2.5 менен тәсирлендирген. Рак клеткалары раўажланып баслаған. Тышқанларда өткерилген тәжирийбеде PM2.5 менен 90 күн даўамында тәсирленген клеткаларда метастаздың тез пәтлер менен өсиўи гүзетилген.
Буны
Чернобыль деп атаса да болады. Бизлер Ташкентте әсте-ақырын, бирақ анық болған өлим менен өлип атырмыз. Бизлерди гөрге көметуғынлар –
автомобильлер ҳәмде жәмийетлик транспортты жоқ қылған ақмақлар, Девеломпент Мурат Гранд Кишлок Группқа қусаған
қурылыс кәрханалары ҳәмде
шөлистанға айланыў процесси болып табылады.
Ақыры не болады? Қандай режелеримиз бар?@krmakarenko