Қарақалпақнамадан САЗА


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Блоги


Ақылы кәмил, илими зор
Билимли ел болмайды қор. 📝БЕРДАҚ шайыр
Жеке раўажланыў, руўҳый ержетиў, саналы тәрептен писип - жетилисиў инсаныйлық муқәддес ис.
Админ: Светлана Жәлменова
Канал иске түскен ўақыт: 2017-ж, 4-октябрь.

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Блоги
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🌱✨🌳🌱✨🌳🌱✨🌳🌱✨🌳

Балалар тез өседи. Ертең балаңызға өкпелеп я өкинип жүрмең!

канал: @karakalpaknama


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Әкеңизге, анаңызға мийирман болың...Олар сен ушын барын, бәрин салды.

Оқыўдың, оқытыўдың өзине тән тәсиршең ҳәм нәтийжели педагогикалық усылы.
(*жақсы көрсете алған оқыўшыларға.)👍👍

канал: @karakalpaknama


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Тәрбия_тал_бесиктен_басланады

Баланы өмирдеги айрықша жағдайларға үйретиў бул тек ғана тәрбия емес, ал оған ислеген ЖАҚСЫЛЫҚ.

канал: @karakalpaknama


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Тәрбия

Балалар айтқанды емес көргенин ислейди. Тәрбия тал бесиктен басланады. Олар қайталамайды, олар үйренеди.

канал: @karakalpaknama


🔘Базы адамлар 22 жасында университетти питирсе де, жақсы жумыс табыў ушын 5 жыл күтеди.
🔘Гейпаралар 25 жасында атқарыўшы директор болғаны менен, өкинишлиси 50 жасында дүньядан өтип кетеди.
🔘Ал, басқа бир адам 50 жасында директор болып, 90 жасқа дейин өмир сүреди.
🔘Классласларыңның биреўлери ата-әже болып атырса, тағы биреўлери енди үйленип атыр ямаса еле бойдақ.
🔘Обама 55 жасында мийнет дем алысына шықты, ал Трамп 70 жасында жумыс ислей баслаған.

⚡️Әтирапыңдағы адамлардың базы биреўлери сеннен озып кеткен сыяқлы, ал гейбиреўлери артыңда қалып қойғандай көриниўи мүмкин. Бирақ, ҳәрким өзиниң жолы менен, өзиниң тезлиги менен киятыр.

Адамларды қызғанба. Олар өз ўақытларының жылаўында, ал, сен өз ўақтыңның дизгининдесең. Сонлықтан сабырлы бол. Сен кешиккен жоқсаң...
Сен озып та кеткен жоқсаң...
Сен дәл өз ўақтындасаң.


канал: @karakalpaknama


#Тәрбия

Япония сайланды командасының кийим алмастырыў бөлмесиниң ойыннан кейинги көриниси. Япониялылар жәҳән футболына экспорт еткен ең жақсы пазыйлетлеринен бири бул олардың сөзсиз пәм-парасаты.

Тазалық пенен тәрбия ҳәммесинен де әҳмийетли.

канал: @karakalpaknama


ДАЛАЙ ЛАМАДАН ҚАТАРЛАР

🔘 Есиңде тут: уллы мухаббат пенен аты-шуўлы жетискенликтиң астарында зор тәўекел тур.

🔘Жеңилген жерден алған сабағыңды түйип қой.

🔘 Өзиңди сыйла, өзгени сыйла. Барлық ҳәрекетиңе жуўапкер бол.

🔘Есиңде болсын: базыда қәлеўиңе қол жеткизе алмаў - барып турған сәтлилик.

🔘Қағыйданы муқыят ядла: оны ылайықлы дәрежеде буза алыўың жеңил болады.

🔘 Жол қойма: майда-шүйде урыс-керис дослыққа зыянын тийгизбесин.

🔘 Қәтелик ислесең, оны дүзетиўге тырыс.

🔘 Күнделикли азмас ўақтыңды жалғызлыққа арна.

🔘 Ашық бол, өзгериўге бейим бол, бирақ өмирлик устанымыңды шашып алма.

🔘 Есте сақла: гейде үндемеў - ең утымлы жуўап.

🔘 Өмирлик жолдасың менен урыс-керисип қалсаң, тек бүгингини сөз ет, өткенди еске алма.

🔘Өз билимиң менен бөлис. Мәңгиликке апарар жол усы ғана.

🔘Ана-Жер, Тәбиятқа мийримли бол.

🔘Жылына бир рет ҳешқашан табаның тиймеген жерлерге  барыўға әдетлен.

🔘Жетискенлигиңди оған жетиў ушын қандай қурбанлық ислегениң менен баҳала.

🔘Муҳаббат пенен аспазлықта жалтақлық болмаўы тийис.

канал: @karakalpaknama


Жақында еситип қалған мына инсайт маған унады: Басқаны көп күттирсеңиз, арзыў-әрманларыңыз да сизди көп күттиреди. Әлемде ҳәммеси айланыста.

Биреўдиң ўақтын урламаң. Айтылған ўақытта кешикпей келип үйрениң. Жуўапкершиликли болың.

канал: @karakalpaknama


#миймандос_қарақалпақ

Есигин еки адам қақпайтуғын,
Төринде төрт адам отырмайтуғын үйде берекет болмайды.

©Халық даналығы

* * *
Бизде сөз бар: мийман — ырыс, берекет,
Қонақ күтиў — зийнети ҳәр адамның.
Егер үйге бес күн мийман келмесе,
Шайы қонбас мениң байғус анамның.

И. Юсупов

канал: @karakalpaknama


Сондай бир сөз айт, я жасат я өлтир. Бирақ, ҳасла жарадар ҳалда қалдырма.

✍ Шамс Табризий

канал: @karakalpaknama


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🏔ТӘБИЯТ ҲАҚҚЫНДА🌳


Бир күни Моцарттан сорапты: Бийтәкрар симфонияларды буншелли тез жаратыўыңыздың сыры неде?
Моцарт: - Ҳешқандай сыр жоқ бул жерде. Нама ырғақлары мийимде өзинен өзи шертиле баслайды. Мени тәшўишлендиретуғын нәрсе басқа зат. Машқала сонда - бул симфония ырғақларын илажы барынша тез - тез қағазға түсириў керек. Мен еле де жазып алыўға үлгермей атырғаным.

🌍 Жаратылыс-Тәбият инсанға шексиз гөззал имканиятларды керегинен де көп етип инәм етеди, тек ғана бизлер сәл "мүлгип" қалып, олардан толық пайдаланыўға үлгермей атырмыз.

* * *
🌏Адам Тәбияттан узақласқан сайын, қәлби қатып барады. Оның денеси тез арада унырайды.
(Ҳинду мақалы)

* * *
🌎Жабайы Тәбият, өсимликлер, Әлем - адамларсыз да жасай алады. Бирақ, биз оларсыз жасай алмаймыз. Ойлан, тийкарынан ким кимге бағынышлы екен?!

Видеодағы жер Швейцария🌿🌳

канал: @karakalpaknama


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Илим-пән шарапаты менен жасалма жаўын жаўдырылыўы процесси
👍 Қандай зор-я?!

"Ақылы кәмил, илими зор
Билимли ел болмайды қор."
©Бердақ шайыр

канал: @karakalpaknama


Репост из: Светлана Жалменова
Аўдармасы: Китап оқымаса үйленбе.
Бул жигитлерге мәсләҳәт екен. Бул ақыл-кеңес қызларға да тийисли: "Китап оқымаса турмысқа шықпа!" ;)📚📖❤️

топар: @qaraqalpaqsha_elektronkitaplar


Егер қутыға алмазды салсақ ол шкатулка болады. Егер қутыға шығынды салсақ, ол шығынды қутысы болады.
Мийимизге не затларды салсақ, биз солармыз.

канал: @karakalpaknama


БӘРИБИР........

Адамлар көбине мийримсиз, қатал, өзимшил болады. Бәрибир кеширимли бол! Сен қаншама мийримли, жақсы адам болсаң да, ҳарам пейил менен өзине керек болғаны ушын ғана ислеп жүрипти деп айыплайды. Сонда да мийирман, жақсы бола бер! Егер де сен жетискенликке жетип, табыслы болсаң жалған дослар менен нағыз шын жаўлар табасаң...Сонда да табыстан табысқа жетиўге асық! Өмир бақый еңбек етип ислеген нәрселериң менен дүньяңды бир түнде адамлар быт-шыт қылыўы мүмкин. Сонда да мийнет ет, излен де жаңа нәрселер жарата бер! Егер де сениң жаның тынышланып, жүрегиң бахытқа толы болса, адамлар қызғаныўы мүмкин...Сонда да бахытлы бола бил! Бүгинги ислеген жақсылығыңды адамлар ертең бәлким умытып кетер. Сонда да жақсылық ислей бериўден шаршама! Шамаң жеткенине қарай қаншама өзиңдеги бар жақсыны, нурды журтқа шаша берсең де, бәрибир ол адамларға аз болып турады! Сонда да барыңды бере бер!
Күнлерлиң күнинде сен усы ислериңниң барлығын адамлар ушын емес, Аллаға ғана арнап ислеп жүргениңди түсинесең...

©Мать ТЕРЕЗА

канал: @karakalpaknama




Репост из: ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ🌳
Абай ақыннан даналық сөзлер

🔘Қудайдан қорқ - бендеден уял: балаң бала болсын десең, оқыт, мал аяма!
🔘Аўрыўды жаратқан Қудай, бирақ аўыртқан Қудай емес.
🔘Қайғысыздың бәри асаў.
🔘Өлейин деп өлмейди өлеси жан.
🔘Ырас пенен таласпа.
🔘Бир жерде бирге жүрсең басын қосып,
Бириңниң бириң сөйле сөзин тосып.
🔘Бир қайғыны ойласаң, жүз қайғыны қозғайды.
🔘Жүректен қызық кеткенде, тәннен қуўат кетеди.
🔘Муңласқан кеўилде кир қалмайды.
🔘Малыңды жаўға, басыңды даўға салып қор қылма.
🔘Сен асыққан екен деп, Алла әмирин өзгертпес.
🔘Арланыў ақыллының иси.
🔘Бенде өлмейди әрманнан.
🔘Бир қылығың жағып күнде жақсы болмайсаң.
🔘Сынық қанат гүбелек - ол да өмир излемек.

"Мен Абайды яддан билген халықпан"
©И. Юсупов


Бийик таў - алыстан қарасаң айбатлы🏔 жақыннан қотыр тас.
Кимге болса да, айбат адам деп табына бермең, жақынлағанда жақтырмаўыңыз әбден мүмкин...


канал: @karakalpaknama


#аномал_ыссы_дейдекен_буны

Дослар, бәримизге мәлим ҳәзир ҳаўа райының кескин ысып кетиўи күнлериндемиз. Өтиниш, көшеде, жолда, үй дөгерегинде қуслар, ийт-пышықларды көрсеңиз бийпарық болмаң. Үй әтирапларына ыдысларға суў қуйып қояйық. Бийшара тилсиз жаныўарларға ғамхорлық етиўди умытып кетпейик.
Соңғы гезлери Ўатанымның ҳәттеки ийтлери, пышықлары, қусларына шекем гүрсинген, муңлы ҳалда, қоллап-қуўатлаўға мәдетке мүтәж болып турғандай көринеди маған.
Қәстерлеп абайлайық бири-биримизди...

Жақсылықты адамлар ғана емес, пүткил жанлы мақлуқат түсинеди.

канал: @karakalpaknama ✍🏻


Бир адам қаза болып, бейишке түсипти. Оны бир периште күтип алыпты, бенде оған өкпесин айта баслайды:
-Мен өмир бойы дурыс жасадым. Ҳешкимге жаманлық ислемедим. Нанымды маңлай терим менен таптым. Қолымнан келгенше басқаларға жәрдем бердим. Бирақ, мен бәрибир аянышлы аҳўалда жасадым. Сизлер маған байлық, үй-жай, бала-шаға инам етпедиңлер! Бул қалай болғаны?
Сонда периште оны бейиштиң төрине алып барды.
-Мынаң қара! - деди ол. -Мына ықшам үйди көрип турсаң ба? БУЛ СЕНИҢ ҮЙИҢ! Үйдиң жанындағы гөззал ҳаялды көрип турсаң ба? ОЛ СЕНИҢ ҲАЯЛЫҢ! Ҳасылзада ҳаял. Оның қасындағы ойнап жүрген балалар ОЛАР СЕНИҢ БАЛАЛАРЫҢ!
Не ушын буларға жетисе алмағаныңды билгиң келе ме?
-Аўа, неге мен буларға ериспедим?
-Себеби...сен буларды әрман етпедиң!! ӘРМАН ЕТПЕДИҢ!

ӘРМАНЛАЎДЫ УМЫТЫП ҚАЛМАҢ! ПӘК ӘРМАНЛАРЫҢЫЗҒА ҲАДАЛ БОЛЫҢ!

канал: @karakalpaknama

Показано 20 последних публикаций.

229

подписчиков
Статистика канала