Каракалпакстан 24


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Политика


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24TVтелеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @PUBMA077
KANAL SATILADI✔️

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Политика
Статистика
Фильтр публикаций


❗️️Өзбекстанда дерлик еки айға балық аўлаў қадаған етилди

🔹 11-март - 31-май: Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда балық аўлаў мүмкин емес;
🔹 26-апрель - 10-июнь: Пүткил мәмлекет бойлап тәбийий суў бассейнлеринде балық аўлаў қадаған етиледи;
🔹 Басқа барлық тәбийий суў бассейнлеринде 16-апрельден 31-майға шекем балық аўлаў қадаған етиледи.

Қадаған етилген дәўирде ҳәм қадаған етилген аймақта балық аўлаў және балық аўлаў қағыйдаларын бузыў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады. Қағыйдаларға әмел етпегенлер 250 млн сомға шекем жәрийма ямаса 3-5 жыл қамақ жазасын алыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24


😨 Ертең күшли магнит бораны бақланады

️23-март күни Ташкент ўақты менен саат 05:00 ден баслап күшли магнит бораны бақланыўы күтилмекте. Оның күшлилиги 5-7 баллға жетип, шама менен 30 саат даўам етеди.

Магнит бораны бақланғанда ️бас аўырыўы, ҳәлсизлик, қан басым көтерилиўи ҳәм кейпияттың өзгериўи жүз бериўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Нөкис қаласында автотранспорт қуралын урлап алып қашқан жас өспиримге жынаят иси қозғатылды

Ҳүрметли пуқаралар!

Автомашинаңыздың айна ҳәм есиклерин ашық қалдырмаң, автомобиль гилти, қымбат баҳалы затлар ҳәм пулларыңызға абайлы болың!

Сергеклик дәўир талабы екенлигин умытпаң!

👉 @Karakalpak24


❗️Район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлери жанындағы Арнаўлы оңлаў-эксплуатация хызметиндеги 810 штат бирлиги қысқартылады.

👉 @Karakalpak24


‼️ Айдаўшылар ушын белгиленген тезликти асырыў жағдайларында жәрийма баллары төмендегише белгиленеди:

▪️ Тезликти 20 км/саатқа шекем асырған – 0,5 балл;
▪️ 20-40 км/саатқа шекем асырған – 1 балл;
▪️ 40-60 км/саатқа шекем асырған – 1,5 балл;
▪️ 60-80 км/саатқа шекем асырған – 2 балл.

➖ Светофордың қадаған етиўши сигналына бойсынбай өткен айдаўшыға 1 балл бериледи.

➖ Қарама-қарсы жөнелиске шығып, авария жағдайын жүзеге келтирген айдаўшыға болса 2 балл бериледи.

➖ ЖТҲ жүз берген орынды таслап кеткен айдаўшыларға да 2 балл жәрийма белгиленеди.

❗️Еслетпе: Бул баллар айдаўшының жыл даўамында жол қойған қағыйдабузарлықлары тийкарында есапланады. 12 балл топланғанда айдаўшылық гүўалығы ўақтынша алып қойылады.

👉 @Karakalpak24


❗️1-апрелден баслап Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм район (қала) бөлимлери хызметкерлерине қосымша үстемелер төленеди

Президенттиң 19.03.2025-жылдағы ПП-51-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-апрелден баслап Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары ҳәм де район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң хызметкерлерине көп жыллық хызмети ушын лаўазым айлығына белгиленген коэффициентлерде төмендеги муғдарларда ҳәр айлық үстемелер төленеди:

🔸Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хызметкерлерине:

➖1 жылдан 3 жылға шекем – 0,3;
➖3 жылдан 5 жылға шекем – 0,6;
➖5 жылдан 10 жылға шекем – 0,8;
➖10 жылдан 15 жылға шекем – 1;
➖15 жылдан 20 жылға шекем – 1,2;
➖20 жылдан жоқары – 1,5.

🔹район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң хызметкерлерине:

➖1 жылдан 3 жылға шекем – 0,15;
➖3 жылдан 5 жылға шекем – 0,3;
➖5 жылдан 10 жылға шекем – 0,45;
➖10 жылдан 15 жылға шекем – 0,6;
➖15 жылдан 20 жылға шекем – 0,75;
➖20 жылдан жоқары – 1.

✅ Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары ҳәм де район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң хызметкерлерине (методистлерден тысқары), Президенттиң 09.01.2017-жылдағы ПҚ-2722-санлы қарарының 1-бәнти екинши абзацындағы ҳәр айлық үстемелер де төленетуғын болды.

👉 @Karakalpak24


❗️️️️Тезликти асырған айдаўшыларға жәрийма баллары төмендегише белгиленбекте:

➖ Айдаўшылардың белгиленген ҳәрекет тезлигин 20 км/сааттан көп болмаған шамаға асырып жибергени ушын 0,5 балл;

➖ Айдаўшылардың белгиленген ҳәрекет тезлигин 20 км/сааттан көп, 40 км/сааттан көп болмаған шамаға асырып жибергени ушын 1 балл;

➖ Айдаўшылардың белгиленген ҳәрекет тезлигин 40 км/сааттан көп, 60 км/сааттан көп болмаған шамаға асырып жибергени ушын 1,5 балл;

➖ Айдаўшылардың белгиленген ҳәрекет тезлигин 60 км/саат тан көп, 80 км/саат тан көп болмаған шамаға асырып жибергени ушын 2 балл бериледи.

👉 @Karakalpak24


❗️️Пенсия тайынлаўдың жаңа тәртиби енгизиледи

2025-жыл 1-марттан баслап пуқараларға жасқа байланыслы пенсиялар автоматик тәризде (проактив түрде) тайынланады, яғный пенсия жасына толған шахслар ушын өз алдына мүрәжат етиў талабы бийкар етиледи.

Тийкарғы тәреплери:

Проактив система – пенсия тайынлаў процесин автоматластырыў ҳәм әпиўайыластырыўға қаратылған;
➖ ️Кимлерге қолланылады?
55 жасқа толған ҳаяллар,
60 жасқа толган еркеклер;
Система қалай ислейди?
Әдиллик министрлиги пуқараның жеке мағлыўматларын Пенсия қорына жибереди;
➖ ️Ишки ислер министрлиги пуқараның жасаў мәнзилин тастыйықлайды;
➖ ️Пенсия қоры пенсия ҳүжжетлерин рәсмийлестирип, пуқараға СМС-хабар жибереди;
️➖ Пуқара 10 күн ишинде бийкарлаў ямаса кейинирек пенсияға шығыў ушын арза бериўи мүмкин.

Бул жаңа тәртип пенсия алыў процесин тезлестириў ҳәм артықша бюрократиялық тосқынлықларды азайтыўға хызмет етеди.

👉 @Karakalpak24


🌙 ️Рамазан айында дурыс аўқатланыўдың 9 әҳмиетли қағыйдасы

Денсаўлықты сақлаў министрлиги асқазан-ишек системасы саламатлығын сақлаў ҳәм саламат түрде ораза тутыў ушын төмендеги усынысларды берди:

1⃣ Аўыз ашыўды қурмадан баслаң;

2⃣ Аўыз ашылғаннан кейин ҳәм сәҳәрликтен алдын көп муғдарда суў ишиң;

3⃣ Шөллететуғын аўқатлар ҳәм өнимлерден сақланың;

4⃣ Әсте, асықпастан ифтарлық етиң;

5⃣ Тағамыңызда барлық керекли нутриентлер бар екенлигине исеним пайда етиң;

6⃣ Саламат аўқатларды таңлаң;

7⃣ Мазалы өнимлерден сақланың;

8⃣ Кофе ишиўден тыйылың;

9⃣ Күнине үш мәрте аўқатланың (ифтарлық, сәҳәрлик ҳәм олар арасында жеңил аўқатланып алың).

👉 @Karakalpak24


Дүнья бойынша қайсы кәсип ийелери ең көп ис ҳақы алады? (Жылына)

1. Анестезиолог - $331 190
2. Хирург - $323 570
3. Аўыз ҳәм жүз хирурги - $311 460
4. Ортодонтист - $267 280
5. Психиатр - $249 760
6. Инвестиция банкири - $226 920
7. Бас атқарыўшы директор - $213 020
8. Анестезиолог мийирбийке - $202 470
9. Корпоратив адвокат - $186 350
10. DevOps инженери - $183 020

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
👠 «Туфли қәде»ниң тарийхын билесиз бе?

Репортёр Айзада Амангелдиева өзиниң жеке Instagram бетине усы ҳаққындағы видеоны жайластырды.

👉 @Karakalpak24


❗️Енди «свет» ҳәм газ баҳасы ҳәр үш жылда өзгереди

Өзбекстанда электр энергиясы ҳәм тәбийий газ ушын баҳалар 2026-жылдан баслап, үш жылдан кем болмаған мүддетке әмел етеди.

Халықтың кем тәмийинленген ҳәм қорғаўға мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў электр энергиясы ҳәм тәбийий газдиң базалық нормасын қолланыў және олар ушын тарифлер артқанда компенсациялар бериў жолы менен тәмийинленеди.

Нызам 2025-жыл 1-апрельден күшке киреди.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️️Енди жолларды шлагбаум менен жапқанлар жазаланады

Нызамсыз тосықлар орнатыў ҳәм жолды тосып қойыў ушын жәрийма енгизилмекте.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 147-статьясына киргизилип атырған өзгерислерге муўапық, бундай қағыйдабузарлық ушын пуқараларға БЕМның 5 есеси (1 млн 875 мың сум), лаўазымлы шахсларға БЕМның 20 есеси (7,5 млн сум) муғдарында жәрийма нәзерде тутылған.

👉 @Karakalpak24


❗️Айдаўшылар тәрепинен исленген қағыйдабузарлық қолланылатуғын жәрийма баллары есапланады

Соннан:

🔹 Айдаўшылар белгиленген ҳәрекет тезлигин 20 км/сааттан көп болмаған тезликке асырып жиберетуғын болса ─ 0,5 балл;

🔹 Айдаўшылар белгиленген ҳәрекет тезлигин 20 км/сааттан көп, 40 км/сааттан көп болмаған тезликке асырып жибергетуғын болса ─ 1 балл;

🔹 Айдаўшылар белгиленген ҳәрекет тезлигин 40 км/сааттан көп, 60 км/сааттан көп болмаған тезликке асырып жиберетуғын болса ─ 1,5 балл;

🔹 Айдаўшылар белгиленген ҳәрекет тезлигин 60 км/саат тан көп, 80 км/саат тан көп болмаған тезликке асырып жиберетуғын болса ─ 2 балл бериледи.

🔹 Айдаўшылар светофордың қадаған етиўши сигналына бойсынбай өтсе 1 балл, айдаўшылар жолдың қарама-қарсы тәрепине ямаса бөлегине шықса, сондай-ақ, авариялық жағдай жүзеге келиўине себеп болса 2 балл бериледи.

🔹 Буннан тысқары, ЖТҲ қатнасыўшыларының ҳәдийсе жүз берген орыннан кетип қалғанына да 2 жәрийма балы бериледи.

️👉 @Karakalpak24


⚡️ «OpenBudget»: Қарақалпақстаннан 176 жойбар жеңимпаз болды

📑 «OpenBudget»тиң быйылғы жылдағы биринши мәўсими 11-март күни саат 00:00 ден 20-март күни саат 23:59 ға шекем даўам етти. Нәтийжелерге бола, Қарақалпақстан Республикасынан 176 жойбар жеңимпаз деп табылған ҳәм оған 3 трлн 359 млрд 784 млн сум қаржы ажыратылған.

💰 Жеңимпаз болған жойбарларға ажыратылған қаржылар қала ҳәм районлар кесиминде:

▪️ Әмиўдәрья районы (11 жойбар) — 17 млрд 631 млн сум;
▪️ Беруний районы (12 жойбар) — 17 млрд 144 млн сум;
▪️ Бозатаў районы (7 жойбар) — 10 млрд 105 млн сум;
▪️ Кегейли районы (12 жойбар) — 11 млрд 781 млн сум;
▪️ Қараөзек районы (8 жойбар) — 11 млрд 616 млн сум;
▪️ Қанлыкөл районы (8 жойбар) — 10 млрд 673 млн сум;
▪️ Қоңырат районы (12 жойбар) — 16 млрд 203 млн сум;
▪️ Мойнақ районы (9 жойбар) — 10 млрд 715 млн сум;
▪️ Нөкис районы (7 жойбар) — 11 млрд 907 млн сум;
▪️ Нөкис қаласы (18 жойбар) — 26 млрд 849 млн сум;
▪️ Тақыятас районы (8 жойбар) — 11 млрд 775 млн сум;
▪️ Тахтакөпир районы (7 жойбар) — 11 млрд 47 млн сум;
▪️ Төрткүл районы (13 жойбар) — 19 млрд 461 млн сум;
▪️ Хожели районы (10 жойбар) — 13 млрд 636 млн сум;
▪️ Шымбай районы (16 жойбар) — 13 млрд 524 млн сум;
▪️ Шоманай районы (8 жойбар) — 10 млрд 656 млн сум;
▪️ Елликқала районы (11 жойбар) — 17 млрд 234 млн сум.

☑️ Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жеңимпаз болған жойбарлар арасында ең көп даўыс Елликқала районында (5 274 даўыс), ең аз даўыс Мойнақ районында (102 даўыс) дизимге алынған.

👉 @Karakalpak24


Тез арада қала көшелеринде 70 км/саатта ҳәрекетлениў мүмкин болады

Нызам жойбары менен тезлик
пенен байланыслы қағыйдабузарлықлар бойынша радар ҳәм спидометрлер көрсеткишлериниң қәтеликлеринен келип шығып, дизимге алынған тезликтен 10 км/саат шегирилген ҳалда ҳәкимшилик жаза қолланылыўы нәзерде тутылмақта.

Бүгинги күнде әмелиятта тезликти өлшейтуғын арнаўлы үскенелер ҳәм транспорт қуралларының спидометрлери көрсеткишлериндеги жол қойылыўы мүмкин болған жәми қәтелер есапқа алынып, олар атап өткен тезликтен саатына 5 километр шегирилген ҳалда ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылып келинбекте.

Мәселен, ҳәрекетлениў тезлиги 60 км/саат белгиленген аймақта радар тәрепинен 69 км/саат тезлик пенен ҳәрекетленген деп табылған айдаўшыға итималлы қәтелик пенен 64 км/саат (-5 км/саат) тезлик ушын жәрийма қолланылады. Белгиленген қағыйдалар бундай жағдайлардың алдын алыўға, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

️👉 @Karakalpak24


Айлық алыў ўақты байрамға туўры келсе, айлық қашан төленеди?

Айлық (мийнет ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда мийнет ҳақы оннан алдынғы күнинде төленеди.

Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта финанслаў ставкасының 10% муғдарында компенсация төленеди.

Орайлық банк ставкасы 14%, соннан келип шығатуғын болсақ айлыққа салыстырғанда 1,4 %те компенсация берилиўи керек.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Нөкис қаласында улыўма халықлық Наўрыз сейилине бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий музыкалы хореографиялық байрам тамашалары болып өтти.

👉 @Karakalpak24


❓️Наўрыз байрамында неше күн дем алыс бериледи?

️Наўрыз байрамы мүнәсибети менен төмендеги күнлер дем алынады:

21-март (жума) – Наўрыз байрамы - ҳәмме ушын дем алыс күни;

22-март (шемби) – 5 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын дем алыс күни,
6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын жумыс күни;

23-март (екшемби) – әдеттегидей дем алыс күни.

👉 @Karakalpak24


Ҳаял-қызларға қандай жеңилликлер бар?

🔹 Ҳаял-қызларға исбилерменликти жолға қойыў ушын 33 миллион сўмға шекем кредитлер ажыратылады
- толық

🔹 Ҳаялларды пенсия жасына толғанлығы себепли жумыс бериўши басламасы менен жумыстан босатыў қадағаланады
- толық

🔹 Айырым қатламдағы ҳаял-қызларға ЖООна кириў ушын усыныснама бериледи
- толық

🔹 "Ҳаяллар дәптери"не киритилгенлерге кредит берилиўи мүмкин
- толық

🔹 Ислейтуғын аналарға баланы аўқатландырыўға тәнепис бериледи
- толық

🔹 Ҳаял-қызлардың кәсип үйрениўге қылған ғәрежетлерин мәмлекет төлеп береди
- толық

🔹 "Ҳаяллар дәптери"не киритилген жалғыз ҳаяллардың перзентлери де бақшаға жеңилликли дизим тийкарында қабыл қылынады
- толық

🔹 Аўыр социаллық аҳўалдағы ҳаял-қызларға жеңилликли үй-жайлар бериледи
- толық

🔹 12 жасқа толмаған баласы бар ҳаялларға қосымша дем алыс бериледи
- толық

🔹 Айырым ҳаял-қызлардың контракт пулы мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи
- толық

🔹 2 жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар жеңилирек жумысқа өткериледи
- толық

🔹 Ҳәмиледар ҳаяллар, 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаялларды жумысқа қабыл қылыўда дәслепки сынаў қолланылмайды
- толық

🔹 Басшы лаўазымға таңлаўда ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер тең қатнасы тәмийинленеди
- толық

🔹 Айырым ҳаяллар 53 жаста пенсияға шығыўы мүмкин
- толық

👉 @Karakalpak24

Показано 20 последних публикаций.