Исбилерменликке қарай...
Qanlıkól rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/kanlikulnews
"Qanlikol biznes inkubator group" ЖШЖ, Қанлыкөл районы «Инсан» социаллық хызметлеры орайы менен биргеликте «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы шеңберинде «Қанлыкөл» мәҳәллесиндеги кәмбағаллық реестрына киритилген шаңарақ ағзаларын дәслепки исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша түсиник илажлары алып барылды.
Илаж даўамында Н.Худайбергенова тәрепинен халыққа хызмет көрсетиў орнын шөлкемлестириў қызығыўшылығын билдирди.
Қанлыкөл бизнес инкубаторы тәрепинен исбилерменликти баслаўшы ҳаял қызларға бизнес режелерин ислеп шығыўды жәрдемлесиў, бизнес идеяларды қәлиплестириўге көмеклесиў, қаржыландырыў жолларын табыўға жәрдем етиў, олардың исбилерменлик искерлигин жолға түсип кетемен дегенше бирге ислесиў усыныс етилди.
Qanlıkól rayonı hákimliginiń Málimleme xızmeti
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/kanlikulnews