📊 Қарақалпақстанда жоқары кѳрсеткишке ийе исбилерменлердиӊ саны артып атыр
Ҳүрметли Президентимиздиң 39-санлы (23.01.2024-ж.) қарары менен 2024-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» енгизилген болып, онда өткен жылдың апрель айында Қарақалпақстан бойынша «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми исбилерменлердиң саны 10 ға да жетпейтуғын еди.
Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм республикамызда исбилерменликти раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар бүгинги күнге келип өз нәтийжесин берип атыр ҳәм исбилерменлердиң саны артыўына тийкар болып хызмет етпекте.
❗️Бүгинги күнге келип, бир жылға шамалас ўақыт ишинде жоқары категорияға (ААА) ийе исбилерменлердиң улыўма саны 128 ге жетти. Қарақалпақстанға өз-алдына берилген жеңилликлер тийкарында жоқары көрсеткишлердеги исбилерменлер саны еле де көбейеди.
Усы жылдыӊ 15-февраль жағдайына муўапық, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 25 700 исбилерменлик субъектлеринен:
• «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 128;
• «АА» категориясына ийе жәми 244;
• «А» катергориясына ийе жәми 279;
• «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 1047;
• «ВВ» катергориясына ийе жәми 1911;
• «В» катергориясына ийе жәми 2534;
• «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1483;
• «СС» категорияға ийе жәми 6072;
• «С» категорияға ийе жәми 4291;
• «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 7711 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.
❗️Ҳүрметли исбилерменлер!
Егер де, кәрханаӊыздыӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болсаӊыз Саўда-санаат Палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўыӊыз мүмкин.
🌐 Веб-сайт силтемеси: https://chamber.uz/contractor-rating
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube