❗️ Билимлендириў мәкемесиниң имараты ҳәм оның аймағында оқыўшыларға қойылатуғын талапларды билесиз бе?
Олар:
👉 сабақ кестесинде көрсетилген пәнлер бойынша ҳәмме сабақлықлар ҳәм оқыў қураллары сыятуғын оқыўшы ушын қолайлы болған сумкадан пайдаланыў;
👉 билимлендириў мәкемелерине оқыў басланыўынан 10-15 минут алдын, мектеп уставында белгиленген оқыўшылар кийиминде келиў;
👉 таза кийиниў, шашларды тәртипке келтирген ҳалда келиў;
👉 билимлендириў мәкемесиниң барлық ханаларын, текше ҳәм жолларын, сондай-ақ, спорт ҳәм мәжилислер залын таза тутыў, ҳәр түрли шығындылар тасламаў;
👉 шығындыларды билимлендириў мәкемесиниң имараты ҳәм аймағындағы арнаўлы ыдысларға таслаў;
👉 билимлендириў орынларының мүлки (парта, стол, стул, доска, өсимликлер, ҳайўанатлар дүньясы ҳәм басқалар) ҳәм оқыў материалларына (компьютер техникасы, лаборатория үскенелери, класслардағы стенд ҳәм баннерлер) зыян жеткермеў;
👉 Өзинен кишкенелерди сыйлаў, үлкенлерге болса ҳүрмет көрсетиў;
👉 оқытыўшылар ҳәм билимлендириў мәкемесине келген мийманлар менен ушырасқанда сәлем бериў;
👉 билимлендириў мәкемесиниң жолларында тынышлықты сақлаў.
Тийкар: Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң 2023-жыл 31-августтағы 282-санлы буйрығы
Таярлаған: Хажетова Айшолпан
📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.
🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар