️❗️Алдаўшылық ҳәм қарыздың бир-биринен тийкарғы парықлы тәреплери
1. Нийет.
️➖Қарызда шахс бастан-ақ қарызды қайтарыў нийетинде алады. Мәселен, достынан яки банктен қарыз алады ҳәм белгиленген мүддетте қайтарыўды мақсет еткен болады.
➖Алдаўшылықта шахс бастан-ақ алдаў нийетинде қаржыны алады. Онда қайтарыў нийети болмайды, тек өз мәпин гөзлеп, басқаны исендиреди.
2. Нызамлылық дәрежеси.
➖Қарыз бул - нызамлы искерлик, егер ол шәртнамалар тийкарында әмелге асырылса.
➖Алдаўшылық бул - жынаят. Жынаят кодексиниң арнаўлы бөлиминде нәзерде тутылған.
3. Исеним.
➖Қарыз шахсқа исеним тийкарында бериледи. Исеним қайтарыў қәбилети яки кепилликлер тийкарында қәлиплеседи.
➖Алдаўшылықта шахс исенимди жалған мағлыўматлар арқалы қолға киргизеди. Мысалы, жалған ҳүжжетлер, жалған ўәделер ҳәм т.б.
4. Шағым етиў.
️➖Егер қарыз ўақтында қайтарылмаса, онда пуқаралық ислери бойынша суд арқалы өндирилиўи мүмкин.
➖Алдаўшылықта болса жынаят иси қозғатылып, тергеўде ямаса судта өндирилиўи мүмкин.
5. Қайтарыў итималы:
➖Қарыз шәртнамасында қарыздарда мал-мүлк болса, ол қайтарылыў итималы жоқары. Нызамлы тәртипте даўа қойыў мүмкин.
➖Алдаўшылықта болса алдаўшылар көп жағдайларда жоқ болып кетеди, мүлкин басқа кисиниң атына өткереди - яғный қайтарыў итималы аз, ҳәтте суд арқалы да.
❌Тилекке қарсы, бүгинги күнде оғада көп алдаўшылық жағдайлары дәслепки тергеў уйымлары тәрепинен "қарыз шәртнамасы" деп баҳаланып қалмақта...
☝️ Умытпаң, "Нызамды билмесеңиз, нызам Сизди билмейди!" Ҳуқықыңызды үйрениң - Ағза болың!
📨
Адвокатқа сораў бериў❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati