Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде тараў хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы ветеринария пидайысы, шарўа пидайысы көкирек белгилерин тапсырыў илажы болып өтти.
Илажда комитет баслығы М.Кайпанов, комитет баслығы биринши орынбасары К.Пирназаров, ветеринария тараўы қәнигелери ҳәм мийманлар қатнасты.
Илажда М.Кайпанов ветеринария ҳәм шарўа хызметкерлериниң нәтийжели жумысы ҳәм олардың маманлығын арттырыў ушын ҳүкиметимиз тәрепинен ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилетуғынын билдирди.
Ветеринария пидайысы ҳәм шарўа пидайысы көкирек белгисин алған хызметкерлер, өз гезегинде, бул сыйлықты өзлери ушын үлкен мақтаныш деп есаплайтуғынын ҳәм өз жумысларын және де нәтийжели алып барыўға умтылатуғынын атап өтти. Олар, сондай-ақ, тараўдың раўажланыўы ушын зәрүр барлық илажларды көриўди даўам еттириўге ҳәм жаңа мақсетлерге ерисиўге таяр екенин билдирди.