#Уллы_тулғалар
Фронтқа еки рет барған Халқабадлы урыс ветераны Қалбай Әжиев.
Қалбай Әжиев 1921-жылы Кегейли районының Шунақ, ийрим жап бойларында Арзы улы Әжиниң шаңарағында дүньяға келген. Кәмалат жасына келгенде бир аўылдан 17 жигит урыс майданына атланады. Қалбай Әжиев Ленинград қаласын қорғаўда қатнасады. 1943-жылы ҳүжимге атланып баратырғанда снаряд түсип, жарақатланып, әскерий госпиталға түседи. Усы жерден урысқа жарамсыз деп табылып, аўылына қайтарылады.
Аўылға келип, аўыл кеңесиниң хаткери болып ислейди. 1944-жылы қайтадан комиссия дүзилип, Қалбай Әжиев батыстағы фронтқа жол алады. 1945-жылы Берлин қаласын алыўға қатнасады.
10-май күни пүткил дивизия жәмлесип, уллы жеңистиң қуўанышын тойлайды.
1946-жылы әскерликтен босап, елине қайтады. Бирге урысқа атланған 17 аўыллас жигитлерден тек төртеўи қайтып келеди.
Қ.Әжиев Венгрия, Варшава ҳәм Берлин қаласын азат етиўде қатнасқаны ушын медаллары менен сыйлықланған.
Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer