Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында Беруний районында ишимлик суўы жойбары әмелге асырылмақта
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4271-санлы қарарына тийкар Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында "Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў" жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген. Жойбар 2024-2026-жыллар даўамында әмелге асырылады. Жети обектте жумыслар шөлкемлестирилип, жәми 25 млн. АҚШ доллары қаржы ажыратылған. Бүгинги күнде "МЕСМЕР-ЕАСТ" компаниясы тәрепинен Беруний районында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў шеңберинде жумыслар алып барылмақта.
Соннан,
🔹 Беруний районы суў тәмийнаты кәрханасының админстративлик имаратын реконструкциялаў;
🔹3 суў бөлистириў объекти, суў резервуарын қурыў ҳәм реконструкциялаў;
🔹1 суў жыйнаў объекти;
🔹2 суў хлорлаў объекти;
🔹87, 34 км магистраль суў тармағы;
🔹412, 218 км пуқаралар шаңарақларына суў тармағын тартыў;
🔹Жәми 500 км суў тармағын тартыў жумыслары әмелге асырылады;
🔹17 463 суў есаплағышларын орнатыў нәзерде тутылған.
Бүгинги күнде Беруний районындағы 23 мәҳәлледе суў тармақларын тартыў жумыслары алып барылып атырған болып, жойбар 2026-жылдың 3-шерегинде жуўмақланыўы белгиленген. Нәтийжеде райондағы 81% пуқараның шаңарақлары таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.
@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар