Миллет жигери (Миллий жигер) - халықтың өзин-өзи танў́ы, сезиниў́и менен анықланатын, келешекке деген исеним, мақсет, әрман - мурат, нийети менен сипатланатуғын, елдиң бирлиги - идеясына тийкарланатуғын өшпес күш - қуўаты. Миллий жигер улыў́ма жәмийетлик руў́х пенен жеке адамлық руў́хтың тийкары болғанлықтан, қәлеген бир миллеттиң, мәденияттың ўәкили өзиниң әлемдеги орнын өзиниң миллий негизги түсиниги арқалы бахалаў́ы нызамлы кубылыс. Сонлықтан жеке адамның исеними миллий жигер негизинен, әлемдеги улыўма инсанийлық қәдирятларды менгерип, руўхый қәдирятларға өз үлесин қосады. Қәлеген бир халықтың болмысына, тәбияатына тән, басқаларда қайталанбас қасийетлери, минези, сезими, талғамы болыўы - миллий жигерине тиккелей байланыслы. Көз бенен көрип, қол менен услайтын нәрсе болмағанлықтан, миллет ўәкиллериниң көркемлик шығармашылықларынан, халық даналығынан, әсирлерден әсирлерге үзилместен жалғанып киятырған руўхый қәдирятларынан Миллий жигер көринип, сезилип турады. Хәрбир миллетте өзине тән Миллий жигер бар дегенде, өзи хаққында дүньятанымы, дүньяға деген көзқараслары менен минез - қулқы, мурат - мақсетиниң раўажланыўы, өзгериў́и, хәлсиз тәреплери, яғный мудамы ҳәрекетте екенин аңлаймыз. Миллет болып биригиў́диң өзи этностың мәкән хәм дәў́ирлик факторларына байланыслы болыўы менен қатар, оның табий, тарийхий, руўханый келбети - исеними, миллий санасы, кеўли, минези, мәденияты, жәмийетлик - сиясый мәп - мүддесиниң қәлиплесип барыў́ының үзликсиз процесси ҳәм миллий жигердиң жаңаланып - толысып туратуғын көриниси. Миллий жигердиң пәт пенен бой көтеретин дәўири бийғәрезлик қысымға қарсылық, ғәрезсизлик мақсетине талпыныс ўақты болса, сол дәўирде дөреген көркем - руўхый қәдирятлардың ерликке, елдиң биригиўине үндеў́, шақырық күш - ғайратының негизи қысымнан босанып, келешекке бет алыў́ы, мазмунлы ҳәм мәнили бағдарын анықлаў миллет ушын маңызы зор. Миллий жигер тәжрийбесин анализлеў ушын мол мағлўмат беретуғын баслы байлығы - халықтың көркем - сөз өнери. Қарақалпақ халық шайыры Бердақ:
"Бул дүнья дүнья болғалы,
Патша әдил болған емес.
Шайырлар қәлем алғалы,
Хатқа туўры салған емес."
ҳәмде
“Алтақлама, талтақлама,
Биреў урды деп жылама.
Аш боламан деп ойлама,
Жигерли бол жастан балам.”
- деген қосық қатарлары менен халықты Миллий жигерлендирип отырған. Бул үндеў халық басына күн туў́ып, миллий мәптиң, халық мүддесиниң, миллий қәдирятлардың аяқ асты болған дәў́иринде дөреген. Миллий жигер халықты руўхландырып отыратын күш.
Философияда Георг Вильгельм Фридрих Гегель тәлиматында “абсолют идея”, “миллий руўх“, “абсолют руў́х”, "руўх феноменологиясы" түсиниклери бар. Бул түсиниклер Миллий жигер менен байланыслы.
(Өз ой толғаýларымнан)
"Бул дүнья дүнья болғалы,
Патша әдил болған емес.
Шайырлар қәлем алғалы,
Хатқа туўры салған емес."
ҳәмде
“Алтақлама, талтақлама,
Биреў урды деп жылама.
Аш боламан деп ойлама,
Жигерли бол жастан балам.”
- деген қосық қатарлары менен халықты Миллий жигерлендирип отырған. Бул үндеў халық басына күн туў́ып, миллий мәптиң, халық мүддесиниң, миллий қәдирятлардың аяқ асты болған дәў́иринде дөреген. Миллий жигер халықты руўхландырып отыратын күш.
Философияда Георг Вильгельм Фридрих Гегель тәлиматында “абсолют идея”, “миллий руўх“, “абсолют руў́х”, "руўх феноменологиясы" түсиниклери бар. Бул түсиниклер Миллий жигер менен байланыслы.
(Өз ой толғаýларымнан)