#диалог
Мойнақ районы орайындағы «Әжинияз» көшесиниң еки тәрепи бойлап өсип турған тереклер аллеясын көрген туристлер сорайды:
- Сизлер саҳрада қалай терек көгертип қойыпсызлар?
Бизиң жуўабымыз:
- Бизлер инновациялық яғный суўғарыўдың жаңа усылларынан пайдаланамыз. Сондай-ақ, жасыллықты пайда етиўде өз алдына мойнақша тәжирийбемизди пайда еткенбиз.
Туристлер:
- Мойнақша тәжирийбе бул қандай тәжирийбе?
Жуўап:
- Алдын суўы бар болып, ҳәзир суўы тартылып қалған жерлердиң өзгерген қурамын үйрениў арқалы сол жерге сәйкес келетуғын нәллерди егиў тәжирийбесин қолланамыз.
Туристлер:
- Шөл аймақта терек көгертиўдиң өзи үлкен кәрамат. Қалай айтсаңыз да, илим ҳәм жаңа технологиялардың қүдирети саҳрада терек көгертиўге әззилик ететуғындай?
Мойнақлылардан жуўап:
- Аўа, Бизиң аўызбиршилигимиз - бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыўдағы тийкарғы қүдиретимиз есапланады! Биз аўызбиршилигимиз арқалы усындай нәтийжеге ериспектемиз!
muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter