АЯМӘЎИЗ АЛТЫ КҮН
Бәҳәр менен қыс кеткендей алмасып,
Барлық жерди кетти аппақ қар басып,
"Аямәўиз алты күн"бе... екен-ай?
Келип турған он күн бурын алжасып.
Алты ай қыстан қатты болар суўығы,
Аңсат емес қыстың бирден шығыўы,
Тутып атыр, тәбияттың "толғағы",
Қыйын екен пасыллардың туўыўы.
Нәўбәҳәрди қарсы алғанда қуўанып,
Аямәўиз ноқат қойды туўарып,
Жаўып қарлар, қара суўық басланды,
Жер Ананы тегин ғана суўғарып.
Алты күнде тезде өтип кетеди,
Сабыр сақлап сәл шыдасақ нетеди?
Аямәўиз алып келген аппақ қар,
Халқым несийбесин молдан етеди.
Аямәўиз дейди, халқым кийели,
Жақсы нийет, сөз айтайық жүйели,
Қолайсызлық туўдырсада алты күн,
Әўелҳа- Ҳақ! шарапаты тийеди.
P.S: "Аямәўиз" - 13-19-март күнлери болып, бул күнлери ҳаўаның температурасы әдеўир суўытып, адамлар бәҳәрдиң жыллы күнлерине жаңа-жаңа үйренисип киятырғанда бираз қолайсызлықлар пайда етеди.
Ақшолпан Аманияз
Бәҳәр менен қыс кеткендей алмасып,
Барлық жерди кетти аппақ қар басып,
"Аямәўиз алты күн"бе... екен-ай?
Келип турған он күн бурын алжасып.
Алты ай қыстан қатты болар суўығы,
Аңсат емес қыстың бирден шығыўы,
Тутып атыр, тәбияттың "толғағы",
Қыйын екен пасыллардың туўыўы.
Нәўбәҳәрди қарсы алғанда қуўанып,
Аямәўиз ноқат қойды туўарып,
Жаўып қарлар, қара суўық басланды,
Жер Ананы тегин ғана суўғарып.
Алты күнде тезде өтип кетеди,
Сабыр сақлап сәл шыдасақ нетеди?
Аямәўиз алып келген аппақ қар,
Халқым несийбесин молдан етеди.
Аямәўиз дейди, халқым кийели,
Жақсы нийет, сөз айтайық жүйели,
Қолайсызлық туўдырсада алты күн,
Әўелҳа- Ҳақ! шарапаты тийеди.
P.S: "Аямәўиз" - 13-19-март күнлери болып, бул күнлери ҳаўаның температурасы әдеўир суўытып, адамлар бәҳәрдиң жыллы күнлерине жаңа-жаңа үйренисип киятырғанда бираз қолайсызлықлар пайда етеди.
Ақшолпан Аманияз