САЎДЫРАҒАН САДА КЕЎЛИМ СЕНИКИ
О, сүйиклим, саған жипсиз байланып,
Ашығыңа қалғандайман айланып,
Мақул көрдим, айтыўды көп ойланып,
Ҳижраныңнан ада кеўлим сеники.
Күлкиниң қашқаны қашшан жүзимнен,
Жаным таса болғалы сен көзимнен,
Базда түңилдирген мени сезимнен,
Айралықтан жуда кеўлим сеники.
Сырты жылтыраған иши дүт түтин,
Болмаған соң оған зәрредей күтим,
Меҳир берип етип аларсаң пүтин,
Өртен шалған кемтик кеўлим сеники.
Бәрҳама бир қырсық шалып аяқтан,
Қабараман тап болдым деп қаяқтан,
Жүрегимде нәзик сезим оятқан,
Муҳаббаттан қапа кеўлим сеники.
Нәрестедей қәлбинде жоқ ғубары,
Сени десем алып ушып турады,
Из түспеген қардай аппақ мудамы,
Саўдыраған сада кеўлим сеники.
P.S: Қарақалпақ Айтысы топары темасына
Ақшолпан Аманияз 17.01.2025 жыл
О, сүйиклим, саған жипсиз байланып,
Ашығыңа қалғандайман айланып,
Мақул көрдим, айтыўды көп ойланып,
Ҳижраныңнан ада кеўлим сеники.
Күлкиниң қашқаны қашшан жүзимнен,
Жаным таса болғалы сен көзимнен,
Базда түңилдирген мени сезимнен,
Айралықтан жуда кеўлим сеники.
Сырты жылтыраған иши дүт түтин,
Болмаған соң оған зәрредей күтим,
Меҳир берип етип аларсаң пүтин,
Өртен шалған кемтик кеўлим сеники.
Бәрҳама бир қырсық шалып аяқтан,
Қабараман тап болдым деп қаяқтан,
Жүрегимде нәзик сезим оятқан,
Муҳаббаттан қапа кеўлим сеники.
Нәрестедей қәлбинде жоқ ғубары,
Сени десем алып ушып турады,
Из түспеген қардай аппақ мудамы,
Саўдыраған сада кеўлим сеники.
P.S: Қарақалпақ Айтысы топары темасына
Ақшолпан Аманияз 17.01.2025 жыл