4-октябрь күни сиясатта
1- 1777-жыл — АҚШ ғәрезсизлик урысы дәўиринде Германтаун саўашы болып өтти. Саўаш Америка ғәрезсизлиги ушын гүресип атырған армиялар менен Британия күшлери арасында болип өтти.
2- 1918-жыл — Германия АҚШ президенти Вудро Вилсон ҳүкиметине питим сорап мүрәжәәт жоллады. Бул Биринши жер жүзилик урысты тамамлаў жолындағы әҳмийетли дипломатиялық қәдемлердиң бири болды.
3- 1927-жыл — АҚШтағы Маунт-Рашмор естелигинде президентлер сүўретлерин таўға ойып ислеў басланды. Кейин ала естелик АҚШтың белгили тарийхый символларының бирине айланды.
4- 1940-жыл — Адольф Гитлер ҳәм Бенито Муссолини Бреннер өткелинде ушырасты. Ушырасыўда Германия ҳәм Италия арасындағы әскерий-сиясий бирге ислесиў ҳәм Екинши жер жүзилик урыстағы жағдай додаланды.
5- 1966-жыл — Лесото Уллы Британиядан ғәрезсизликке еристи. Мәмлекет ғәрезсизликке ерискеннен кейин, конституциялық монархия сыпатында раўажланыў жолын даўам еттирди.
📍Информация бағдары @KarPressa