Репост из: қарақалпақ әдебияты музейи
ҚОБЫЗ
📜Қобыз ҳәм жыраўшылық өнери - ең әййемги заманлардан халқымыздың бирге жасап киятырған жолдасы, мәдений мийрасы болып келген. Урыс-саўашларда жыраўлар жаўынгерлердиң алдында болып, қобызда жыр жырлап, олардың руўхын көтерген. Жыршыларды патшалар өз сарайына шақырып, жырларын тыңлаған. Қобыз мине усындай жүдә көплеген тарийхый дереклерге ийе бийбаҳа халық мийрасы болып есапланады. Сондай-ақ қобыз қарақалпақ халқының арасында шығысы жағынан ең ески музыкалық әсбаплардан бири. Қобыз əспабы қарақалпақлардан басқа көпшилик шығыс халықларында қазақ, қырғыз, өзбек, уйғыр, улыўма турк тиллес халықларының көпшилигинде, сондай-ақ украина қобызлары (бандура) басқа да халықларда бар. Қобыз-жуп тар тағылған тартылатуғын музыка əспабы болып, скрипка, гиржек сыяқлы тартқыштың жəрдеми менен шертиледи. Kөбинесе тут, ерик ағашларынан ислениледи.
✅Сүўретте: 1.📌Жумабай жыраў Базаров(1927-2006 жж);
2.📌Музейимиз экспозициясынан орын алған қобыз саз әспабы.
Таярлаған: Музейдиң илимий хызметкери Кунназарова Оразхан