⁉️Картошка баҳасы неге қымбатлады? Аўыл хожалығы министрлиги түсиник берди
▪️Министрлик буны қайта егилген майданлардан жетерли өним алынбағаны, суў салықлары ҳәм ҚҚС бойынша жеңилликлердиң бийкар етилиўи ҳәм басқа да қәрежетлердиң артқаны менен түсиндирди.
▪️Баҳаларды төменлетиў ушын 2025-жылы 122 мың гектар майданда картошка егиў режелестирилген. Министрлик февраль-март айларында баҳалардың турақласыўын, апрель-май айларында болса оның төменлеўин күтпекте.
▪️Быйыл картошка жетистириўди раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы қорынан 400 миллиард сум ажыратылады. Сырт елден алып келинетуғын туқымлық картошка үш жылға бажыхана бажысынан азат етиледи. 2027-жылдан картошкаға талап толық ишки имканият есабынан қапланыўы режелестирилмекте.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар