❗️ Мойнақ районы: Пленумда 2024-жылдың жуўмағы ҳәм 2025-жыл ушын баслы ўазыйпалар белгилеп алынды...
Каналға ағза болың: https://t.me/xdp_qr
✅ Пленумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, партияның районлық кеңеси ағзалары, депутатлар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Мойнақ районлық кеңесиниң II-пленумы күн тәртибине киргизилген 6 мәселе кеңес ағзалары тәрепинен додаланды.
📌 Пленумда партияның Мойнақ районлық кеңеси баслығы Гулмира Тажибаева шығып сөйлеп, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Пленумында белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып партияның районлық кеңеси ҳәм депутатлық топары алдында турған баслы ўазыйпаларға қаратылған мәселелерге тоқтап өтти.
➡️ Пленумда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша кеңес ағзалары да өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.
Каналға ағза болың: https://t.me/xdp_qr