Репост из: Каракалпак 24
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 32 жыл толды
1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы аспан көк, тойғын сары ҳәм жасыл реңлерден ибарат болып, ортасындағы сары реңли бөлек ақ ҳәм қызыл сызықлар арқалы ажыралып турады.
🔵 Байрақтың аспан көк реңи бәҳәр жасыллығы ҳәм өмир дәреги – суўдың мәңги тымсалы болып есапланады.
🟠 Сары рең болса Қарақалпақстан аймағының үлкен бөлегиниң саҳрадан ибарат екенлигин аңлатады.
🟢 Жасыл рең болса тәбияттың жаңаланыўы, руўхый жасарыў, исеним ҳәм қуўаныштың нышаны.
🌙 Байрақтағы жаңа туўылған ай мусылманлардың муққаддес тымсалы болса, бес жулдыздың сүўрети Қарақалпақстанның әййемги ҳәм наўқыран бес қаласының – қарақалпақстанлылардың турмыс ҳәм исеним қорғанларының тымсалы болып табылады.
👉 @Karakalpak24