Нөкис районында «Нукус бройлер» кәрханасының жумысы жолға қойылдыБүгин Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйынында «Нукус бройлер» кәрханасының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев жаңа кәрхананың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Улыўма 40 млрд.сум қаржы есабынан иске түсирилип атырған кәрханада жылына 1920 тонна таўық гөши жетистириледи. Ҳәзирги ўақытта аймақта жасаўшы 35 адамның бәнтлиги тәмийинленген болып, кәрхананың толық қуўатлықта иске түсиўи менен 100 ге жақын жаңа жумыс орны жаратылады.
—
Нукус туманида «Нукус бройлер» корхонаси фаолияти йўлга қўйилдиБугун Нукус тумани «Саманбай» овул фуқаролар йиғинида «Нукус бройлер» корхонасининг очилиш маросими бўлиб ўтди.
Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг ўринбосари Р.Сапарбаев янги корхонанинг фойдаланишга топширилиши муносабати билан йиғилганларни табриклади.
Умумий 40 млрд.сўм маблағ ҳисобидан ишга туширилаётган корхонада йилига 1920 тонна товуқ гўшти етиштирилади. Ҳозирги вақтда ҳудудда яшовчи 35 кишининг бандлиги таъминланган бўлиб, корхонанинг тўлиқ қувватда ишга тушиши билан 100 га яқин янги иш ўринлари яратилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube