ЖЕРДИҢ 7 ҚАБАТТАН ИБАРАТ ЕКЕНЛИГИ ҚУРАНЫ КӘРИЙМДЕ АЙТЫЛҒАН БА?
Ҳәзирги заман илим-пәни раўажланып жердиң жети қабаттан ибарат екенлигин анықлады. Ҳәзирги заман илимине көре жер төмендеги жети қабаттан ибарат:
1. Гидросфера;
2. Литосфера;
3. Астеносфера;
4. Мантия (үстиңги қабат);
5. Мантия (ишки қабат);
6. Суйық ядро қабаты;
7. Қатты ядро қабаты.
Ал, Аллаҳ таала жердиң жети қабат екенлигин буннан неше мың жыллар бурын инсаниятқа хабар берген:
«Аллаҳ жети аспанды ҳәм жерден де сондай муғдарды жаратқан. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир екенин ҳәм Аллаҳ ҳәмме нәрсени билими менен орап алғанын билиўиңиз ушын (Аллаҳтың) буйрығы олардың арасында нәзил болып турады» (Талақ сүреси, 12-аят).
Бул аяттың тәфсири ҳаққында "Тәфсири Ирфон"да былай делинеди: "Қуранда он бес әсир бурын хабар берилген гейпара илимий ҳақыйқатлардың ҳәзирги дәўиримизге келип, илим-пән ҳәм технология раўажланыўы нәтийжесинде мәлим болыўы каламуллаҳтың илаҳий мөжизаларынан. Әлбетте, Қуран илимий мийнет емес. Бирақ, көпшилик аятларда келтирилген күшли аңлатыў қураллары ҳәм жоқары ақыл дәрежесиндеги илимий түсиниклер ўақыт өтиўи менен заманагөй илим-пән тәрепинен анықланып, тастыйықланды. Дүнья дүзилисиниң көп мәселелери Аллаҳ тәрепинен еле инсан олардың мәнисин түсине алыў дәрежесинде болмаған бир дәўирде нәзил қылынды.
Инсанияттың астрономия, физика ҳәм биология сыяқлы илимлер бойынша билими жүдә аз еди. Бул билимлердиң Қуран нәзил болған заманда илимий тийкарлана алмағаны Қуранның Аллаҳтың сөзи екенине және бир мәрте дәлил болады".
Жуўмақлап айтарымыз, Аллаҳ таала бәршемизди Өзине болған ийман ҳәм итиқадта беккем қылсын!
🙂🙂🙂🙂🙂🙂 🙂🙂🙂🙂🙂🙂
⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz