🤗 Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Әмиўдәрья районында Жума намазын оқыды
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Әмиўдәрья районында хызмет сапарында болды. Райондағы «Ноғай ийшан» мешитиндеги қурылыс-ремонт жумыслары менен танысты. Басқа да мешитлердиң әтирапындағы абаданластырыў, тазалаў жумысларын кѳзден кеширди ҳәм имам-хатиблерге тараўға тийисли тапсырмалар берди.
Сапар даўамында орайлық «Юсуф ийшан» мешитинде «Саўдада ҳәм исбилерменликте ҳадаллық нормалары» атамасында жума тезиси баянатын жасады ҳәм жәмәәтке жума намазын оқып берди.
Жәмәәт пенен ушырасыўда бүгинги күнде елимиздеги әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге ѳзлеримиздиң үлесимизди қосыў, перзентлеримизге илим үйретиў, ҳадал кәсип ийелеўге қызықтырыў, дәбдебебазлық ҳәм ысырапкершиликтиң алдын алыў, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миссионерлик иллетлерине қарсы гүресиўимиз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти.
Жума намазынан соң жасы үлкен нураныйлер менен сәўбелесип, елимиздиң тынышлығы ҳәм қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.
🤣 Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.
🙂🙂🙂🙂🙂🙂
⬅️▶️ Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz