Бир қаланың ортасында үлкен тас тур еди. Ол жолдан өтип баратырғанларға ҳәм арбалардың жүриўине кесент беретуғын еди. Қала ҳәкими кеңесгөйлерин шақырып, таслардан қалай қутылыў мүмкинлигин сорады. Кеңесгөйлерден бири тасларды жарып, майдалаў керек, деди. Бул мәсләҳәт ҳәкимге мақул келмеди. Тас жарылса, әтираптағы үйлерге зыян тийгизиўи мүмкин еди. Екинши кеңесгөй басқа қалалардан тас ойыўшыларды шақырып, оны қол күши менен майдалаўды усыныс етти. Бул усыныс та мақул келмеди. Себеби, бул жумыс ушын көп қаржы ҳәм ўақыт керек еди. Олардың қасынан өтип баратырған бир дийқан бул сөзлерди тосаттан еситип қалды. "Мен таслардан аңсат ҳәм тез қутылыў жолын билемен," деди ол. "Бул жумыс ушын қанша қаржы керек болады?" деп сорады ҳәким. "Ҳеш қандай қаржы керек емес, тек бир жәрдемши берсеңиз болды," деди дийқан.
Дийқан жәрдемшиси менен тастың қасынан шуқыр қаза баслады. Шуқыр таяр болғаннан кейин, көпшилик болып тасларды оның ишине таслады. Дийқан тас үстинен топырақ тартып, тегислеп қойды. Бул исти көрип қуўанған ҳәким дийқанды өзине биринши мәсләҳәтши етип алды.
Билип қойың, жетиспеўшилик ҳәм қыйыншылық адамды көп ойлаўға мәжбүрлеп, данышпан қылып жибереди, ал керисинше, тоқлық адамды ҳәлсиретеди ҳәм ақыл-ойын әззилетеди.(muslim.uz)
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz