#Уллы_тулғалар
Кегейли районында байланыс тараўының жолға қойылыў тарийхы ҳәм байланыс тараўының пидәйы хызметкери болған Мийнет қаҳарманы Жақсымурат Айданиязов (1922-1999 жж.) ҳаққында.
Әййемги дәўирлерден баслап мәмлекетлер, қалалар менен байланысларды жолға қойыў, хабар ҳәм мәлимлеме алмасыў, оларды тарқатыў жумысларын әмелге асырыў мәселелери айрықша әҳмийетке ийе болып келген.
Телефония - байланыс, коммуникацияның ҳәм информацияларды жеткизиўдиң ең жақсы қуралы болып табылады.
ХХ әсирден баслап телефония жәмийет турмысына кирип келди ҳәм телефон сәўбети заманагөй инсанның күнделикли жумысы ҳәм күнделикли ҳәдийселеринен бирине айланды.
Қарақалпақстан халықларының турмысында усы тарийхый дәўир өзиниң раўажланыў басқышларына ийе.
Кегейли районы 1928-жылы район болып дүзилген болса, районда ең биринши байланыс тараўы он жылдан соң, 1938-жылы иске түсирилген ҳәм ең биринши байланыс линиялары Нөкис қаласы менен жолға қойылған.
1940-1941-жыллары район аймағында жергиликли батареялы телефон байланысы иске түсирилген. Ал 1959-жылы ЦБ-120 телефон коммутаторы пайдаланыўға тапсырылған. 1970-1971-жыллары автомат телефон станциясы (АТС) иске түсирилип, Халқабад қаласынан 200, район орайынан 500 абонентке хызмет көрсеткен. 1976-жылы район орайынан 1500 абонентке, ал 1977-жылы Халқабад қаласынан 500 абонентке мөлшерленген кординантлы АТС иске қосылған. 1999-жылы болса шийше талшықлы кабель тартылып, район орайынан 3000, Халқабадтан 1500 абонентке цифрлы электрон АТС хызмет көрсетип баслаған.
Әпиўайы жергиликли батарея менен ислейтуғын телефон байланысынан цифрлы электрон байланысына шекемги дәўирде усы тараўдың хызметкерлериниң пидайы мийнети, раўажланыўға деген умтылыўшылығы жатқаны сөзсиз. Усы дәўир аралығында район байланыс тараўына басшылық еткен инсанлар – И.Колосов, И.Комбулин, Ү.Әлжанов, И.Жумабеков, М.Жакенов, А.Қурбановлар, тараў хызметкерлери – И.Маликов, У.Хожалапесов, Е.Айтымбетовалар, телефонисткалардан М.Отарбаева, У.Камаловалар қыйын шараятларда мийнет етип, пидайылық көрсеткен.
Бул тараў хызметкерлери арасында әсиресе, Кегейли, Бозатаў районларында хызмети белгили болған Жақсымурат Айданиязов өз искерлиги дәўиринде белгили байланысшы хызметкер, Мийнет қаҳарманы дәрежесине жетискен инсанлардың бири.
Жақсымурат Айданиязов 1922-жылы Кегейли районы аймағында туўылған. 1942-жылы өзи қатарлы жигитлер менен Урыс фронтына атланған ҳәм урыстың соңына шекем ол әскерий байланыс тараўында хызмет еткен. Урыс дәўириндеги айрықша хызмети ушын ол орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған.
Жақсымурат Айданиязов Екинши жер жүзилик урыстан соңғы жылларда өз аўылына келип, байланыс тараўында өзиниң искерлигин баслайды. Әскерий хызметте топлаған тәжирийбеси арқалы бул тараўда жоқары табысларға ериседи (ол тек баслаўыш класс саўаты болыўына қарамастан әдеўир жетискенликлерге ерискен).
Ол усы тараўда ремонт бригадасын басқарып, өз жумысына берилген, ақ көкирек, өз нәсиятларын ҳеш кимнен аямайтуғын, адамгершилиги жоқары инсан сыпатында елге танылды.
1971-жылы Жақсымурат Айданиязовқа ең жоқары сыйлық “Мийнет қаҳарманы” атағы берилген. Ол ҳүрметли дем алысқа шыққаннан соңғы 5 жыл даўамында да байланыс тараўында мийнет еткен.
Жақсымурат Айданиязов 1999-жылы дүньядан өткен. Оның жарқын естелигин ҳүрметлеп, район орайынан бир көшеге аты қойылған.
Мағлыўмат алынған дерек RRAO_KRB
Таярлаған: администратор Марина Абдуллаева
t.me/kketnografiya