ТИЛЕК
Тилеймен эй достым, ҳәр қандай демде,
Нәмәрт, нәкасларға исиң түспесин.
Душпанларың алдында қалсаң ашыўда,
Көзиңнен бир тамшы жасың түспесин.
Меҳринен сыйласын меҳрибан Қудай,
Ата ҳәм анаңнан қылмасын жуда,
Шын кеўилден ырысқы сорасаң оннан,
Аўзыңнан жеп турған асың түспесин.
Басыңды иймесин ашыў, тәшўиш, ғам,
Пәк қәлбиң көрмесин ҳасла жаўызлық.
Ҳәр қандай жағдайда қолласын Ийем,
Жазың келмей турып, қысың түспесин.
Жасамақ бахтына болдық, миясар,
Гейде биз жоғалттық, биз әйледик зар,
Әжел қашан келер, бизлер бийхабар,
Жүзге кир, жүзде де тисиң сынбасын.
Дүнья, мал өткинши келип кетеди,
Әўметиң күлсе дос толып кетеди,
Жығылсаң үстиңнен теўип кетеди,
Жасаўдан ҳеш қашан кеўлиң түспесин
https://t.me/ibratlı_sózler
Тилеймен эй достым, ҳәр қандай демде,
Нәмәрт, нәкасларға исиң түспесин.
Душпанларың алдында қалсаң ашыўда,
Көзиңнен бир тамшы жасың түспесин.
Меҳринен сыйласын меҳрибан Қудай,
Ата ҳәм анаңнан қылмасын жуда,
Шын кеўилден ырысқы сорасаң оннан,
Аўзыңнан жеп турған асың түспесин.
Басыңды иймесин ашыў, тәшўиш, ғам,
Пәк қәлбиң көрмесин ҳасла жаўызлық.
Ҳәр қандай жағдайда қолласын Ийем,
Жазың келмей турып, қысың түспесин.
Жасамақ бахтына болдық, миясар,
Гейде биз жоғалттық, биз әйледик зар,
Әжел қашан келер, бизлер бийхабар,
Жүзге кир, жүзде де тисиң сынбасын.
Дүнья, мал өткинши келип кетеди,
Әўметиң күлсе дос толып кетеди,
Жығылсаң үстиңнен теўип кетеди,
Жасаўдан ҳеш қашан кеўлиң түспесин
https://t.me/ibratlı_sózler