ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
ЖУМА ҚУТЛЫ-МУБАРЕК БОЛСЫН!

✨ "Ж" аныңыз аман,
✨ "У" атаның тыныш
✨ "М" әртебең бәлент
✨ "А"
ллатаалаң яр болсын!

Ассалаўма алейкум қәдирданларым!

   Аллатаала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта ҳәм, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!

Қәсте болып жүрген бирадарларымызға шыпа берсин, үйленейин деп жүрген наўқыран жигитлеримизге иләҳий келинлер несип етсин!
Турмысқа шығайын деп жүрген шырайлы қызларымызға салиҳ күйеў несип етсин!
Перзент сорап жүргенлерге елим-халқым дейтуғын салиҳ перзентлер инәм етсин!
Усы тилеклеримизди Аллатаала Өзиниң сүйикли досы Муҳаммад саллалаҳу алейҳи уассаламның ҳүрметине ҳәм жума күниниң шарапатына қабыл етсин!

Ҳүт айының 7-сәнеси

https://t.me/ibratli_sozler
👉
https://t.me/ibratli_sozler


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қайырлы түн!

Күн дауамында қымбатлы уақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз!

💫Алла таала күн бойы мийнет ислеп, кейин дем алыўы ушын инсанларға түнди  жаратты. Түн де өз нәўбетин ийелеп, әтирапқа қараңғылық шөкти. 

💫 Уйқыға жатпастан алдын, бүгин ким сизиң зейниңизге тийген болса, кешириң.
Бәрин умытың, жақсы дем алың!

💫 Қайырлы түн Қәдирданлар!

https://t.me/ibratli_sozler

2.2k 0 18 18 28

Дүзиў жүр, адамлар сеннен қашпасын,
Көзге түссең, мурты жыбырласпасын.
"Пенсияға қашан кетер екен" деп,
Бирге ислеўшилер сыбырласпасын...

Ибрайым Юсупов

👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

3.9k 0 132 3 97

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Даналық  гәп данадан шығады, пасық гәп жаманнан шығады.

Табысыңа, жетискенлигиңе адамлар қуўанбаса, қапа болма, Алланың көрип турғанының өзи жеткиликли.

👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

4.3k 0 29 17 55

Адамлар бир-бирин түсиниспесе меҳир жоғалып, урыс-жәнжел шығады. Егер адамларда бир-бирине меҳир болса, түсиниспеўшилик жоғалып, урыс-жәнжел тоқтайды.

👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


#Қутлықлаў
ӨЗБЕКСТАН ҲӘМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАЗЫЎШЫЛАР АЎҚАМЫНЫҢ АҒЗАСЫ, ОРАЙЛЫҚ АЗИЯ ЖАЗЫЎШЫЛАРЫ ҲӘМ ТАРИЙХШЫЛАРЫ АЎҚАМЫНЫҢ "ТУРАН БИРЛИГИ"-МЫҚЛЫ ҚӘЛЕМГЕР" МЕДАЛЫНЫҢ ИЙЕСИ, ЖАЗЫЎШЫ, ШАЙЫР, ПУБЛИЦИСТ, САМБО ГҮРЕСИ БОЙЫНША ӨЗБЕКСТАН ЧЕМПИОНЫ АБДИҚАДИР ҚАЙЫПОВ 62 ЖАСТА!

АҒАМЫЗҒА БЕККЕМ ДЕН-САЎЛЫҚ, ШАҢАРАҚТА АЎЫЗБИРШИЛИК,БАХЫТ ТИЛЕЙМИЗ .

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР КАНАЛЫ АДМИНИСТРАЦИЯСЫ.


👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


Ким ҳеш нәрсени қызығып сорамаса, ҳеш нәрсени үйренбейди.

 ✍T.Фуллер


👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Үмиттиң қулан ийек қула таңы,
Әйтеўир бир атады, бир атады.
Өкинбе, өкпелеме бүгиниңе,
Өмир, өмир! Болмайды түңилиўге.
Мәңги сени жазбаған сүриниўге,
Қайта турып ҳақың бар жүгириўге.


✍Муқағалий Мақатаев


👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ассаламу Алейкум Қәдирданларым Пийшемби таңы қутлы болсын.
Қалбиңиз ийманға
Үйиңиз қуўанышқа
Жүзиңиз нурға
Күниңиз қайырлы болсын..
Қәдирданларым күни бойы сизлердиң өмириңиз қуўанышлы ўақыяларға толы болғай, шаңарағыңызда мудамы шадлы қуўаныш болып турғай. Бүгинги күниңиз хош кейпиятлар менен өтсин азийзлерим!

Ҳүт айының 6-сәгеси

👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

8.8k 1 154 19 54

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қайырлы түн!

Күн дауамында қымбатлы уақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз!

💫Алла таала күн бойы мийнет ислеп, кейин дем алыўы ушын инсанларға түнди  жаратты. Түн де өз нәўбетин ийелеп, әтирапқа қараңғылық шөкти. 

💫 Уйқыға жатпастан алдын, бүгин ким сизиң зейниңизге тийген болса, кешириң.
Бәрин умытың, жақсы дем алың!

💫 Қайырлы түн Қәдирданлар!

https://t.me/ibratli_sozler

5.6k 1 35 17 61

Дүньяның астан-кестенин шығаратуғын да, дүзейтуғын да – Адам.

👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

5.2k 1 20 13 54

Дослық ҳәм мухаббат ҳаққындағы нақыл-мақаллар

Жақсы достың пайдасы тийер ҳәр жерде,
Жаман дос қалдырар бәрҳа зәлелге.

Жолсыз жүрип зорықсаң,
Жол қәдирин билерсең.
Жалғыз жүрип зорықсаң,
Ел қәдирин билерсең.
Ашаршылықтан тарықсаң,
Ас қәдирин билерсең.
Сырласарың болмаса,
Дос қәдирин билерсең.

Досы көп пенен сөйлес,
Досы жоқ пенен сырлас .


👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

5.5k 0 21 17 32

Он китап оқығанда он адамның, жүз китап оқығанда жүз адамның күши болса, мың китап оқыған адамға ҳеш ким тең-бәс келмейди.

👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


#Қарақалпақ_салт_дәстүр
ПАЙҒАЗЫ

ПАЙҒАЗЫ~атл. Бир жаңалық ушын берилетуғын сыйлық. [Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, Жети томлық, 6-том, 5-бет.]
Мысаллар:~Пайғазы бер,--деп көйлектиң баҳасының еки есесин алды. [О. Сапарова. "Атасы қуўған келиншек"]

Кәсиплеслер жапқан орамалыма,
Дослардан алайын пайғазы сорап. [А. Аманияз. "Миннетдаршылық"]

Тулпар алдым шабаған,
Ақ баслы ер саламан,
Пайғазы бериң аламан,
Шуў, жәниўар, шап деймен.
["Бесик шабыў" дәстүринен].

ПАЙҒАЗЫ~дәстүр. Бул дәстүрдиң ең дәслепки келип шығыўы негизинен, жас балаларды қуўантыў ушын жаңа кийим кийгенде, жаңадан бир зат алғанда, тай мингенде үлкенлер тәрепинен берилетуғын сыйлық. Пайғазыны көбинесе жақын адамларынан, туўысқанларынан, аға-жеңгелеринен, дайыларынан сорайды.
         Үлкенлер тәрепинен жас балаларға берилетуғын пайғазы түрлерине: ақша, бала ушын керекли зат, төрт түлик малдың төлинен ылақ, қозы, тай, бота ҳәм т.басқалар сыйлық түринде бериледи. Пайғазыны қоңсы-қоба да береди~ақша, шийринлик, зат түринде.

        Пайғазы бериў менен бирге балаға қутлы болсын айтып, жақсы тилеклерин билдиреди.
        Пайғазы сораў~дәстүр болғанлықтан, оны ҳеш ким ерси көрмейди, қайта баланың қуўанышын бөлисип ортақласады. Мине, соның ушын да пайғазы бериў~баланы қуўандыратуғын, кеўилин көтеретуғын дәстүр. Пайғазы сорағанда жеңгелери ҳәзиллеп "Пайғазыңа байдың қызы",--деп те айтады.
         Пайғазы жас өспирим ул ҳәм қызларға да берилетуғын болған.

       Ҳәзирги ўақытлары пайғазыны тек жас балаларға ғана емес, жасы үлкенлерге де [диплом алыў, машина алыў, жаңа үй алыў, т.б.] жаңалықларын қутлықлап беретуғын болды.
     Мыс: Таза "Жигули" минип барып еди, "пайғазы" деп тоқ  қызыл ғышырлаған түркмен гилемлери жаўылды. [О. Сапарова. "Бети ашылмаған келиншек"]
        Пайғазы бериў дәстүри туўысқан Орта Азия халықларында ҳәм басқа да түркий тиллес халықлар дәстүринде де бар.

✍Shahzoda Allamuratova.


👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


Жолыңыздан адаспаң!

Күннен күнге көбейип баратырған арзыў-әрманларыңды көргениңдей, күннен күнге азайып баратырған өмириңди де көре бил...

👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

5.5k 0 16 13 44

Өмирде барлық нәрсениң қайтымы бар: жаманлыққа жаманлық, жақсылыққа жақсылық түбинде қайтады.

👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

6.2k 0 43 16 83

Алымлардың айтыўынша, адамлардың жасаў өмириниң шама менен орташа есабы 71 жыл.
Ҳәзир сиз 25 жас болсаңыз.
Егер сизге өмирден алып кетиўши кеселлик
Авария яки басқа бир себеп пенен ертерек өлим келмесе, онда сизиң шама менен 46 жыл өмириңиз бар.
46 жыл сизге көп көринип атыр ма? Бир есаплап көрсек.
46 жыл 16790 күн болады. Бул күнлерди саатларда есапласақ қанша болады?
402960 саат болады. Көрдиңиз бе? Миллиард емес, миллион да емес, сондағы 402960 саат.
Бүгин қанша ўақтыңызды бийкар өткердиңиз? ⏳ 12 саат па? Демек шама менен 402948 саат өмириңиз бар.
Усы 12 саатыңызға қараң. Усы саатлар ишинде бир пайдалы ис қылдыңыз ба? Жақсылап ойлап көриң. Бийбаҳа саатларыңыз кемейип бармақта, бул саатлар сизге тек ғана бир мәрте бериледи. Бәлким бул есаптан сизиң саатларыңыз бир неше есе кем де болыўы мүмкин.
Енди егер сизиң жасыңыз 25 те емес 46 да болса, онда шама менен қанша ўақтыңыз қалды?..
ЎАҚЫТты бийкаршы ислерге сарпламаң!

👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

6.5k 0 67 33 65

Өзиңе мотивация излеме, басқаларға мотивация бол!

Бийкар жүргенлерге ашынаман. Бул дүньяға келгеннен соң изиңнен бир нәрсе қалмаса дүньяға келгениңнен не пайда?

👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler


Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди.

Базаргүл Каримова


👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

5.1k 0 104 5 28
Показано 20 последних публикаций.