⚡️Исбилерменлик субектлери менен судлар арасында электрон мағлыўмат алмасыў жолға қойылады
Президент Шавкат Мирзиёев 27-февраль күни суд жумысын буннан былай да жақсылаў, ашық-айдынлық ҳәм санластырыў дәрежесин арттырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.
Суд ислерин жүргизиўде қағаз түринен пүткиллей ўаз кешиў мақсетинде "Санлы суд" концепциясы әмелге асырылады. Буның ушын Жоқарғы суд жанында Мәлимлеме технологиялары орайы шөлкемлестириледи. Ол судларға зәрүр болған мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлер жаратыў, жасалма интеллектти енгизиў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў менен шуғылланады.
Мәмлекетимиз Конституциясына бола, Жоқары судқа нызамшылық басламасы ўәкиллиги берилген. Соған тийкарланып, исбилерменлик, инвестиция, инфраструктура, жер, салық, кредит, мийнет қатнасықлары сыяқлы ең көп ушырасатуғын мәселелерди таллап, ҳәр айда ҳүкиметке, ҳәр шеректе парламентке усыныс киргизип барыў әҳмиетли екенлиги атап өтилди.
❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati