ҚАРАҚАЛПАҚСТАН БАЙРАҒЫ
Халқым көрип талай заман тарлығын,
Тилин жойтпай, урп - әдетин, барлығын,
Сақлап келген толы кеўил сандығын,
Ашқанда - жарқ еткен Байрағым мениң.
Заман руўхында жаңа тус алып,
Бахыт самалынан еркин куш алып,
Көк реңи аспан менен ушласып,
Турғанда - журт таныр айдарым мениң.
Саўлатымсаң, ғайратымсаң қолымда,
Сен - айбатым, намысым да, арым да.
Сары рең –саҳра , шөлим сағымда,
Зер липаслы, алтын сайларым мениң.
Жасыл рең – жасыл далам, жайнаған,
Жанлы өмир, жаслар күлип ойнаған,
Бес қалам бар - бес жулдызды сыйлаған,
Атқан таңдай ашық дийдарым мениң.
Ярым ай- руўхым, кеўлим қуяшы,
Ата-бабалардың нурлы мийрасы,
Күш алар көркиңнен Әмиў жағасы,
Жарқырап, желбире Байрағым мениң!
Жуманияз ӨТЕНИЯЗОВ
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
Жазыўшылар Аўқамы ағзасы, шайыр.
12.12.2021
Халқым көрип талай заман тарлығын,
Тилин жойтпай, урп - әдетин, барлығын,
Сақлап келген толы кеўил сандығын,
Ашқанда - жарқ еткен Байрағым мениң.
Заман руўхында жаңа тус алып,
Бахыт самалынан еркин куш алып,
Көк реңи аспан менен ушласып,
Турғанда - журт таныр айдарым мениң.
Саўлатымсаң, ғайратымсаң қолымда,
Сен - айбатым, намысым да, арым да.
Сары рең –саҳра , шөлим сағымда,
Зер липаслы, алтын сайларым мениң.
Жасыл рең – жасыл далам, жайнаған,
Жанлы өмир, жаслар күлип ойнаған,
Бес қалам бар - бес жулдызды сыйлаған,
Атқан таңдай ашық дийдарым мениң.
Ярым ай- руўхым, кеўлим қуяшы,
Ата-бабалардың нурлы мийрасы,
Күш алар көркиңнен Әмиў жағасы,
Жарқырап, желбире Байрағым мениң!
Жуманияз ӨТЕНИЯЗОВ
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан
Жазыўшылар Аўқамы ағзасы, шайыр.
12.12.2021