❌ ДСМ: Социаллық тармақларда тарқалган хабарлардағы балалардың метапневмовирусқа шалынғаны ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарсыз!
Жаңа жыл алдынан Республикалық қәнигелестирилген педиатрия илимий-әмелий медицина орайының жәми бес бөлиминде — Жаңа балаларды күтиў, Жаңа балалар патологиясы ҳәм реанимациясы, Гепатология, Нефрология және Улыўма педиатрия бөлимлеринде профильактикалық жуўыў-тазалаў ҳәм зыянсызландырыў жумыслары әмелге асырылған.
Бул бөлимлердиң барлығы бүгин, 6-январьдан баслап қайта ашылды ҳәм бул жағдай тәбийғый түрде наўқаслар ағымының салыстырмалы артыўына себеп болды.
Қалаберсе, орай социаллық тармақлардағы хабарларда атап өтилген жуқпалы кеселликлерге шатылған наўқасларды қабыл етиў ҳәм емлеўге қәнигелескен емес.
Еслетип өтемиз, социаллық тармақларда Республикалық педиатрия орайы наўқас балалар менен толғаны, олардың бир бөлеги жаңа вирусқа шалынғаны ҳаққында хабарлар тарқалған еди.
👉 @Karakalpak24