Республикамыз мешитлеринде Қурбан ҳайыты намазы оқылды
Бүгин, 16-июнь 2024-жыл. Республикамыздағы бәрше 64 мешитте Қурбан ҳайыты намазы оқылды.
Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы орайлық «Имам ийшан Мухаммад» жаме мешитинде ҳайыт намазы оқылыўы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси комитет баслығы Тажибай Раманов гүллән халқымызды, бәрше мөмин-мусылманларды Қурбан ҳайыты байрамы менен қутлықлап, Ѳзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси баслығының байрам қутлықлаўларын жәмәәтке жеткизди.
Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити имам-найыбы Жумабек Искендеровта өз гезегинде ҳайыт намазы алдынан “Қурбан хайыты мүбәрек!” темасында баянат жасады ҳәм Қурбан ҳайыты байрамы менен гүллән халқымызды қутлықлап, ҳайыт намазы пазыйлети ҳәм Қурбанлық ибадаты тәртиби ҳаққында атап өтти.
Ҳайыт намазынан соң журтымыздың тынышлығы ҳәм пәраўанлығы, халқымыздың абаданшылығын сорап қайырлы дуўалар қылынды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
👉 @Karakalpak24