Каракалпак 24


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot
📊 Реклама: @kk24_reklama

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


Енди Өзбекстанда ислеп шығарылған әскерий техникалар дүня базарында сатылады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қорғаныў санааты агентлигиниң Инновациялық технологиялар орайына сапары шеңберинде әскерий техника ислеп шығарыў көлемин кеңейтиў мәселелери додаланды.

Бүгинги күнде елимизде әскерий техника ҳәм еки түрли мақсетке мөлшерленген өнимлерди ислеп шығарыў жолға қойылған болып, олардың сапасы халықаралық талаплар дәрежесинде раўажланбақта.

Атап айтқанда, жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған "Арслон 8×8" ҳәм "Арслон 6×6" броньлы транспортёрлары, сондай-ақ, "Тўфон" өзи жүретуғын гаубицасы халықаралық көргизбелерде үлкен қызығыўшылық оятпақта.
Бундай жойбарлар тек ғана ишки базарды тәмийинлеў емес, ал сырт ел базарларын да ийелеў имканиятын жаратады.

Президент тәрепинен өндирис қуўатлықларын арттырыў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм халықаралық майданда Өзбекстан өнимлерине болған талапты арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.


👉 @Karakalpak24


Азанда аш қарынға ишилген суў ең жақсы ем болип есапланады

Азанда бир стакан суў ишеклерди тазалаўға, асқазан асти бези ҳәм асқазан жумысын нормалластырыўға жәрдем береди.

Оянғаннан соң дәрриў бир стакан жыллы таза суў ишиң. Ҳәжеттен соң және 1 стакан суў ишиң, соң азанғы аўқатланың!

Онда асқазан жуўылады ҳәм күн даўамында өзиңизди қуўанышлы ҳәм жигерли сезесиз.

👉 @Karakalpak24


Бөдене мәйеги кекселер ушын ең пайдалы өним

Бөдене мәйеги жасы үлкен адамлар ушын пайдалы есапланады, себеби қурамында Б топары витаминлери, соның ишинде Б12 бар. Көбинесе оның жетиспеўшилиги анемияға себеп болады.

Бөдене мәйеги аңсат сиңетуғын белок ҳәм Д витамининиң жақсы дереги болып, соның ушын да бул өним асқазан-ишек системасында тез-тез машқалаларға дус келетуғын кексе адамлар ушын жүдә пайдалы. Д витамини болса кальцийдиң денеден шығып кетиўиниң алдын алады.

Мәйек тек ғана сүйеклерди беккемлеп қоймастан, селен себепли қалқан тәризли бездиң ислеўин де қоллап-қуўатлайды.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Рəсмий мүнəсибет

Социаллық тармақлардың биринде ”Нөкис дийқан базары” АЖ бойынша видео пост жəрияланды.

Бул пост Министрлер Кеңеси тəрепинен қадағалаўға алынды ҳəм тийисли тараў басшыларына көрсетпелер берилди.

👉 @Karakalpak24


🍇 Telefon raqami orqali pul o‘tkazing — bu qulay va foydali

Kontaktlar ro‘yxatidan do‘stlaringiz va tanishlaringizni tanlang. Hali tanish bo‘lmaganlardan esa mobil raqamlarini aytib turishlarini yoki yuborishlarini so‘rang. Bu karta raqamini eslab qolish yoki eshitib yozishdan ko‘ra ancha qulayroq.

Bundan tashqari, bu foydali hamdir. Uzum karta bilan mart oyi oxirigacha Uzcard va Humo kartalariga 100 mln so‘mgacha komissiyasiz pul o‘tkazing. Uzum kartalari o‘rtasida pul o‘tkazmalari esa doimiy bepul.

👉Uzum karta rasmiylashtirish 💳


ТӘЛИМ КРЕДИТИ ҲАҚҚЫНДА ТОЛЫҚ МАҒЛИЎМАТ

✔️Кредит муғдары: 1-курслар ушын бир жыллық контракт муғдарына шекем ажыратылады.

Екинши ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши "3" ден төмен болған жағдайда билимлендириў кредити төлем-контракт суммасының көби менен 80 проценти муғдарында ажыратылады (Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилген шаңарақлардың перзентлери буған кирмейди).

Қайтарыў мүддети: оқыў мүддети (3, 4 ямаса 5 жыллық мүддет) тамамланганнан кейин жетинши айдан баслап 7 жыл мүддетке.

Проценти: жигитлер ушын — Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы муғдарында (ҳәзир 13,5% - 2024-жыл 10-сентябрь жағдайына);
Қызлар ушын - проценциз (0%);

✔️ Тийкарғы ставка өзгерсе: егер Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы төменлесе, онда кредит проценти де төменлейди. Егер тийкарғы ставка көтерилсе, онда кредит проценти өзгермейди (ягный көтерилмейди).

✔️ Кимлерге бериледи:

✅ тек күндизги билимлендириў формасына
✅ бакалавр (соның ишинде екинши қәнигелик) ямаса магистрге
✅ төлемли-коньтракт тийкарында оқыўға кирген
✅ ямаса оқыўын көширген студентлерге бериледи.

✔️ Төмендегилерге берилмейди:

❌ супер-контракт ушын;
❌ сыртқы;
❌ кешки;
❌ аралықтан;
❌ арнаўлы сыртқы формалар ушын тәлим кредити берилмейди.

✔️ Қайсы ЖООлар ушын: тәлим кредити Өзбекстандағы мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ямаса сырт ел:

✅ жоқары;
✅ орта арнаўлы;
Профессионал билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары
✅ ямаса қоспа бағдарламада оқыўшы студентлерге бериледи.

❌ Сырт елде жайласқан ЖООларда оқыў ушын тәлим кредити берилмейди.

❌ HEMIS бағдарламасына жалғанбаған жеке меншик жоқары оқыў орынларының студентлерине тәлим кредити берилмейди.

✔️Кепиллик: кредит алыўшының турақлы дәрамат дерегине ийе болган шаңарақ агзалары (ата-анасы, ага-ини, апа-сиңлиси, ери яки ҳаялы) ямаса басқа үшинши шахслар билимлендириў кредити шәртнамасында биргеликте кредит алыўшы сипатында қатнасыўы мүмкин (ягний анық туўысқан болиўи шәрт емес).

✔️Кимлерге кепиллик талап етилмейди: "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не кирген шаңарақлардың перзентлерине ажыратылатуғын билимлендириў кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди.

✔️ Пуқаралық: тәлим кредити тек Өзбекстан пуқаралары ушын бериледи. Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға банклердиң өзи коммерциялық шәртлерде кредит бериўи мүмкин.

✔️Керекли ҳүжжетлер: банкке төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

а) арза;
б) студент ҳәм билимлендириў мәкемеси арасындағы шәртнама (коньтракт);
д) кредиттиң қайтарылыўын тәмийинлеў бойынша ҳүжжет. Бунда "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не кирген шаңарақлардың перзентлерине ажыратылатуғын билимлендириў кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди;
е) "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилгенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама (егер бар болса);
ф) банктиң ишки ҳүжжетлеринде (сиясатында) белгиленген басқа ҳүжжетлер, соның ишинде, биргеликтеги кредит алыўшыға тийисли мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер.

✔️Арза көрип шығылыў ўақты: арза 5 жумыс күнинде көрип шығылыўы ҳәм кредит шәртнамасына қол қойылыўы керек. Егер бийкар етилсе бул ҳаққында студентке себеплери көрсетилген жуўап хаты бериледи.

✔️ Мүддетинен алдын қайтарыў: кредит алыўшы тәлим кредитин шәртнамада белгиленген мүддетлерден алдын қайтарыўға ҳақылы.

✔️ Арзаны қашан ҳәм қалай бериў керек: тәлим кредити алыў ушин арзаны бугин-ақ бериўиңиз мүмкин. Буның ушын әлбетте банкке барыўыңыз да шәрт емес, төмендеги 2 усыл арқалы онлайн арза жибериў де мүмкин:

1) https://talim-kredit.mf.uz сайты;
2) Бирден-бир портал арқалы (https://my.gov.uz/oz/service/677).

Банкке барыў мақул болса, онда бул вариантты да көриўиңиз мүмкин.

👉 @Karakalpak24


Жаслар дәптерине киргизилгенлердиң айырымларына 1 500 000 сўмлық жәрдем пулы берилиўи мүмкин

Ҳүкиметтиң 07.06.2022-жылдағы 312-санлы қарарына екинши қосымша келтирилген нызам тийкарында,

"Жаслар дәптери"не киргизилген материаллық жағдайы аўыр жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем ҳәр бир индивидуал жағдайда арза бериўшиниң турмыслық жағдайының қурамалылығын, оның социаллық қорғаўға мүтәж екенлигин есапқа алған ҳалда базалық есаплаў муғдарының 4 есеси (1 500 000) муғдарына шекем төлеп бериледи.

Материаллық жәрдем шахсқа бир календарь жыл даўамында бир мәрте бериледи.

️Шахсқа бир мәртелик материаллық жәрдем берилиўи оны "Жаслар дәптери"нен шығарыўға тийкар болмайды.

️ 👉 @Karakalpak24


🤩 Kunlar isishi bilan tехnоmartda narxlar ham “erib” ketdi!

Do‘stlar, texnikadan kam-ko‘stingiz bormi? texnomartda hammasidan bor. Ustiga ustak, 22-23 fevralda shunday skidkalar bo‘ladiki, cho‘ntagingiz BAYRAM QILADI!

Bunday kun har kuni ham bo‘lavermaydi! Demak, dam olish kunlari hamma “kim o‘zarga” texnika olishga, tехnоmartga shoshilamiz!

🏃‍♂️Demak, dam olish kunlari hamma “kim o‘zarga” texnika olishga, tехnоmartga shoshilamiz!

Реклама


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Егер алған кредитиңизди төлемесеңиз не болады?

Кредити бар танысларыңызға жиберип қойың.

👉 @Karakalpak24


⁉️ 8-март байрамында неше күн дем алыс болады?

Усы жылы 8-март – Ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң шемби күнине туўра келеди.

Мийнет кодексине муўапық, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўра келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.

Оған бола, байрам қарсаңында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлердиң дем алыс күнлери төмендегише болады:

8-март, шемби – байрам күни, дем алыс күни;
9-март, екшемби – дем алыс күни;
10-март, дүйшемби – қосымша дем алыс күни.

👉 @Karakalpak24


🤔 Gilemlerdi "birinshi qoldan" satıp aliw múmkin be?

Gilemler ekinshi yamasa úshinshi qoldan satıp alınǵanda bahalar keskin kóterilip ketedi. Bunda eń durıs sheshim - olardı islep shıǵarıwshınıń ózinen satıp alıw.

️ SAG brendiniń elimiz boylap jaylasqan rásmiy dúkanları sizge áne usınday imkaniyattı usınadı.

Siz de gilemlerdi ortadaǵı dáldalshılarsız, payda menen satıp alıń.

👉 Gilemler hám olardıń bahası menen tanısıw ushın usı kanalǵa jazılıń.

√ +998995610555

Реклама


Автомобилде жүдә үлкен тезликте ҳәрекетлениў ушын жаза күшейтиледи

Әмелде тезликти 20 км.ге шекем, 20 км.ден 40 км.ге шекем, 40 км.ден асырып жибергенлик ушын еселенген жәриймалар белгиленген еди.

Ендигиден былай транспорт қураллары айдаўшыларының белгиленген ҳәрекет тезлигин саатына 60 километрден артық муғдарда асырып жибериўи БЕМның 15 есеси (5 млн 625 мың сум) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Мысал ушын: 60 км тезлик белгиленген аймақта 120 км ден артық тезликте ҳәрекетленсеңиз 5 млн 625 мың сум жәрийма төлейсиз.

️👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ажырасқан ҳаяллар турақ жай менен тәмийинлениўи кепилленбекте

Сенат баслығы: Зорлық қурбаны болған ҳаял-қызларымызды шаңарақты сақлап қалыў ушын зорлап үйге алып киргеннен кейин өз жанына қастыянлық етиўи, өлим менен жуўмақланған жағдайлар көп болған. Соның ушын биз ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз.
Оларды турақ жай менен тәмийинлеў, алиментти 100 процент төлеў мәселесинде жуўапкершиликти күшейтемиз.

Сенатта көрип шығылған нызамға бола ерли-зайып ажырасқаннан кейин ҳаялға жасап атырған орны ушын шараят болмаса басқа үй менен тәмийинлеў белгиленбекте.Егер еркектиң үйи болмаса ижара ҳақысын төлеў миннетлемеси жүкленбекте.

️👉 @Karakalpak24


🥶 Ҳаўа райы қайтадан суўытады

Усы жылдың 24-27-февраль күнлери Өзбекстан аймағына ығал ҳәм суўық ҳаўа массалары кирип келеди ҳәм ҳаўа райы кескин өзгериўи күтилмекте.

Ҳаўаның температурасы түнде -9, күндиз 0 градусқа шекем түсиўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24


❗️Aвтомобилдиң мәмлекетлик номерин қәлбекилестиргенлер қамалады

Ендигиден былай автомототранспорт қуралларының мәмлекетлик номер белгилерин қәлбекилестиргенлик ушын жынайы жуўапкершилик белгиленди.

Жынаят кодекси 227 прим 1-статья менен толықтырылды. Статяның биринши бөлимине муўапық:

Автомототранспорт қуралларының ҳәм оларға тиркемелердиң (ярым тиркемелердиң) мәмлекетлик номер белгилерин ямаса идентификация номерлерин нызамға қайшы түрде таярлаў, өткериў ямаса олардан пайдаланыў, сондай-ақ оларды қәлбекилестириў базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен 100 есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

👉 @Karakalpak24


Eski jilda ashilgan gruppalar satip alamiz ❕
Padpishchik boliwi shart emes ❗️

2018--2022- jillar araligi 80.000 sum ✅
2023- jil gruppalar 30.000 sum ✅

     👉     @mayami_nks     👈


☎️ Ҳәмме билиўи керек болған телефон номерлер дизими:

🚒 101 – өрт өшириў хызмети;
🚔 102 – ишки ислер органлары;
🚑 103 – тез медициналық жәрдем хызмети;
🔥 104 – газ хызмети;
📣 1050 – қутқарыў хызмети;
🌦 1001 – ҳаўа райын билиў ушын байланыс хызмети;
🕰 1004 – анық ўақытты билиў ушын байланыс хызмети;
💊 1069 ямаса (78)140-19-19 - дәрихана ҳәм дәри-дәрманларды табыў ушын байланыс хызмети;
📞 1009 – барлық шөлкемлердиң мәнзили, телефон номерлери, халық - аралық қалалар аралық телефон кодлары, қалалар индекслери ҳәм басқа мағлыўматларды усыныўшы байланыс хызмети.

👉 @Karakalpak24


Ҳаўаны патаслаған қурылыс компанияларының басшылары жазаланыўы мүмкин

Нызамшылық палатасының Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитетинде тийисли нызам жойбары дәслепки тәризде көрип шығылды.

Қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасы талапларын бузғаны ушын қурылыс шөлкеминиң лаўазымлы шахсларын БЕМның 10 есесинен 50 есесине шекем жәриймаға тартыў усыныс етилмекте.

👉 @Karakalpak24


❗️Өзбекстанда айдаўшы 6 мәрте қызыл шырақтан өтип кетсе, айдаўшылық гүўалығынан айырылады

Енди жәрийма баллары "Е-jarimaball" системасында есапланады. Бир жыл даўамында, 8 баллға шекем смс арқалы ескертиледи, егер 12 баллдан артып кетсе кеминде 6 ай транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады.

Баллар нелер ушын бериледи?
➖ Светофор қызыл шырақғы - 2 балл.
➖ Қадаған етилген орынларда қуўып өтиў - 1,5 балл;
➖ Тезликти асырыў - 0,5-2 балл;
➖ Рухсатсыз тонировка - 1-2 балл.
➖ ️Айдаўшылық гүўалығысыз, қамсызландырыўсыз ямаса дизимнен өтпестен басқарыў - қағыйдабузарлыққа қарап тийисли баллар бериледи.

️👉 @Karakalpak24


Обьектлер дизими.docx
48.5Кб
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди
Усы пәрман менен:
Коммерциялық банклердиң балансындағы мүлк объектлерин базар баҳасында қайта баҳалап, 10 жыл даўамында бөлип-бөлип төлеў шәрти менен электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылыўына рухсат етилди.

Атап айтқанда:
▪️Халқ банк 49 дана,
▪️Бизнести раўажландырыў банк 28 дана,
▪️Микрокредитбанк 7 дана,
▪️Миллийбанк 5 дана,
▪️Санаатқурылысбанк 4 дана,
▪️Асака банк 2 дана,
▪️Алақабанк 1 дана
▪️Туран банк 1 дана;

🔹Нөкис қаласы 28 дана,
🔹Қоңырат районы 9 дана,
🔹Тақыятас 9 дана,
🔹Хожели 9 дана,
🔹Елликқала 8 дана,
🔹Қанлыкөл 5 дана,
🔹Нөкис район 5 дана,
🔹Шымбай 5 дана,
🔹Беруний 3 дана,
🔹Бозатаў 3 дана,
🔹Мойнақ 3 дана,
🔹Əмиўдəрья 2 дана,
🔹Кегейли 2 дана,
🔹Қараөзек 2 дана,
🔹Төрткүл 2 дана,
🔹Шоманай 2 дана объектлерди электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылып сатылмақта.
 
☎️ Мағлыўмат ушын тел:
Халқ банк (97) 650-55-00;
Бизнести раўажландырыў банк (97) 788-68-86;
Микрокредитбанк (91) 270-89-89;
Миллийбанк (97) 789-05-50;
Санаатқурылысбанк (91) 266-96-69;
Асака банк (97) 059-11-31;
Алақабанк (97) 220-12-10;
Туран банк (90) 701-87-87;

Реклама

Показано 20 последних публикаций.