«Сергеклик - дәўир талабы» атамасында ушырасыў болып өтти
Қоңырат районы қәнигелестирилген мектеп-интернатында Районлық Ишки ислер бөлими хызметкери, Ҳәким Сулаймон жоме мешити бас имамы Р.Умаров ҳәм МПЖ баслығы қатнасында үгит-нәсиятлаў ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар оқыўшы жасларға терроризм, экстремизм, жынаятшылық, қумар ойынларының зыянлы ақыбетлери ҳаққында айтып өтип, бундай жат иллетлерден аўлақ жүриў, бәрқулла сергек болыў зәрүрлиги ҳаққында турмыслық мысаллар менен үгит-нәсият жумысларын алып барды.
Сондай-ақ, тараў қәнигелери өз сөзинде оқыўшылардың биринши гезекте - илим дәргайында алып атырған билим ҳәм көнликпелерин жетерли дәрежеде меңгерип, жетик қәниге болып жетилисиўи кереклигин айтып өтти.
👉 Телеграм| https://t.me/Hikmet_uz