ЖЫР ДӘРЬЯ
Жыр булақ, жыр булақжан-аў, жыр булақ,
Мениң жыршыл жүрегиме түр қулақ,
Асығаман суўсыныңа қаныўға,
Сарқырамадай шыңдағы қулдырап.
Жыр көли, айланаман о жыр көлин,
Айдынында сезим жатыр, жүр көриң,
Мен балықшы, салдым илҳам қармағын,
Бос қайтыўы балықшыға – бул өлим!
Жыр дәрья, туўлаған толқын жыр дәрья,
Жағыслары әрман толы нур дәрья,
Түсип кеттим ийримине музаның,
Жәрдемге шығарып алар ким бар я.
Даўыл тербеп шайпатылар жыр теңиз,
Теңиз бенен некелестик бирге биз.
Асаў толқын ақ бесикти шайқайды,
Пал уйқыда жатыр Лира бөпемиз.
Жыр океан, туңғыйық жыр океан,
Тереңиңе шуңғыйық, жүр, океан,
Акулалар ирикпең мени, өтиниш,
Йош маржанға толып шықсын тақыям.
Қосығым қәдирлим, сулыўым өзиң,
Жазда сая, кыста жылыўым өзиң,
Әсирлерден соң да даўам етерсең,
Жүрегимниң соғып турыўын өзиң.
Аллаяр Дарменов,
Наманган — Нөкис – Халқабад,
ноябрь, декабрь, 2024.
@Allayar_Darmenov
Жыр булақ, жыр булақжан-аў, жыр булақ,
Мениң жыршыл жүрегиме түр қулақ,
Асығаман суўсыныңа қаныўға,
Сарқырамадай шыңдағы қулдырап.
Жыр көли, айланаман о жыр көлин,
Айдынында сезим жатыр, жүр көриң,
Мен балықшы, салдым илҳам қармағын,
Бос қайтыўы балықшыға – бул өлим!
Жыр дәрья, туўлаған толқын жыр дәрья,
Жағыслары әрман толы нур дәрья,
Түсип кеттим ийримине музаның,
Жәрдемге шығарып алар ким бар я.
Даўыл тербеп шайпатылар жыр теңиз,
Теңиз бенен некелестик бирге биз.
Асаў толқын ақ бесикти шайқайды,
Пал уйқыда жатыр Лира бөпемиз.
Жыр океан, туңғыйық жыр океан,
Тереңиңе шуңғыйық, жүр, океан,
Акулалар ирикпең мени, өтиниш,
Йош маржанға толып шықсын тақыям.
Қосығым қәдирлим, сулыўым өзиң,
Жазда сая, кыста жылыўым өзиң,
Әсирлерден соң да даўам етерсең,
Жүрегимниң соғып турыўын өзиң.
Аллаяр Дарменов,
Наманган — Нөкис – Халқабад,
ноябрь, декабрь, 2024.
@Allayar_Darmenov