Қарақалпақстанда нызамсыз аңшылар қолға алынды
Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасы ҳәм экология шөлкемлери тәрепинен өткерилген оператив рейд нәтийжесинде нызамсыз аңшылық пенен шуғылланған шахслар қолға алынды. Олар "Қызыл китап"қа киргизилген 1 жайран ҳәм рухсатсыз 10 қоянды аўлағаны анықланған.
Ҳәзирги ўақытта тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта. Тәбиятты қорғаў айрықша әҳмийетке ийе, ҳәм нызамды бузған ҳәр қандай шахс жуўапкершиликке тартылады.
Қарақалпақстан Экология министрлигиниң баспасөз хызмети
📍Информация бағдары @KarPressa